Компьютер алдында аўқатланыў – кеңседе жумыс ислейтуғынлардың көпшилиги ушын таныс жағдай. Айырымлары жумысларының көплигинен тәнеписке ўақыт таба алмай, жумыс столында асығыс аўқатланса, басқалары ушын компьютер алдында бир нәрселерди жеп отырыў әдет болып кеткен.
Хош, бул қаншелли дурыс әдет? Төменде компьютер алдында аўқатланыўдың нәтийжелери ҳәм түсликтеги тәнепистиң қаншелли әҳмийетли екенлиги менен таныстырамыз.
Жумыс столыңыз бүлинип қалады
Компьютер алдында аўқаттың бөлегин ямаса усағын шашпай жеўдиң илажы жоқ. Дыққатыңыз компьютерде болып, аўқатланып атырғаныңызда аўқаттың усақлары клавиатураның арасына кирип қалады ямаса чай тамып кетеди. Улыўма ҳеш нәрсени төгип, шашпағаныңыздың өзинде жумыс столының үстинде аўқат болса, ойыңыз бөлинеди.
Бас мий экран алдындағы аўқатланыўды қабылламайды
Сиз аўқатқа итибар берместен, басқа нәрсеге дыққат бөлип отырғаныңыз ушын, организм аўқаттағы калорияны қабыл етпейди. Сол себепли, көбирек аўқат жеп қойыўыңыз мүмкин. Егер аўқатланыў ушын жумыс орнынан шығыўға мүмкиншилик болмаса, онда аз калориялы аўқат жеўге ҳәрекет етиң ҳәм жумыс ислеў барысында ишип отырған мазалы газли ишимликлерди әпиўайы суўға алмастырың.
Көп ўақтыңыз отырған ҳалда өтеди
Илимпазлар ҳәм шыпакерлер актив өмир сүриў инсан өмири ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлигин жийи-жийи айтып келмекте. Кеңсе отырғышларында узақ ўақыт отырыў – семизлик, диабет, жүрек аўырыўлары, депрессия ҳәм т.б. аўырыўлардың пайда болыўына себепши болыўы мүмкин. Сонлықтан, түслик аўқатланыў – орныңыздан турып, ҳәрекет етиў ушын бир себеп.
Тәнепислер нәтийжелиликти арттырады
Адам көп жумыс ислесе, нәтийже де жақсырақ болады. Солай болса да, дем алыс – жумыс процесиниң зәрүрли бөлеги. Адамның ресурсы шексиз емес. Өзгеше, креатив ойлар ҳәм идеялар дем алыстан соң пайда болады. Яғный, бас мийде тәнеписке зәрүрлик болады. Түсликтеги аўқатланыў – жумыстан бираз болса да дем алыў ушын бир себеп болады.
Үзликсиз жумыс күни узақ болып сезиледи
Жумысыңызды қаншелли жақсы көрсеңиз де, бир орында отыра бериў ҳәр қандай адамды жалықтырып жибереди. Питпейтуғын бир жумыс пенен шуғылланыўдан зеригиў адамларға тән өзгешелик болып табылады. Сонлықтан, басқа да нәрселерге дыққат аўдарсаңыз, жумыс өнимлилигин де арттырады. Мәселен, түсликтеги тәнепистиң ярымын аўқатланыўға, қалғанын сейил етиўге сарпласаңыз, тәнепистен соң жумысқа жаңа ой менен кирисесиз.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.