Бул кәнде 1,1 миллиард тонна шийки зат резерви анықланған. Дәслепки есаплаўларға қарағанда, жылына 33 миллион тонна руда қазылып, оннан 1,5 миллион тонна темир алыныўы жобаластырылған.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 12-январьдағы қарарында бул инвестициялық жойбарды әмелге асырыў илажлары белгиленген.

Кән-металлургия комплекси жылына 900 мың тонна арматура, 225 мың тонна сым, 375 мың тонна уголок, швеллер ҳәм басқа материалларды ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады. Бул көп муғдардағы импорт орнын толтырып, санаатты турақлы раўажландырыўға хызмет етеди. Бул жерде 2 мыңнан аслам адам ислейди. Өнимлердиң 35 процентин экспорт етиў де жобаластырылған.

Жойбарды таярлаў ҳәм әмелге асырыўға Германияның «DMT-Group Consulting» ҳәм Австрияның «Horst Wiesinger Consulting» кәрханалары тартылған.

Президентимиз усы компаниялардың қәнигелери менен сәўбетлести. Комплекс қурылысына илимий жақтан пуқта қатнас жасаў, темирден өним ислеп шығарыў тараўында да өзине тән мектеп жаратыў кереклигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын пуқта ислеп шығыў, оны әмелге асырыўға көбирек жасларды тартыў бойынша көрсетпелер берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.