Быйылғы жылдағы тест нәтийжелери Мәмлекетлик тест орайының mandat.dtm.uz сайтында жәрияланып атырғанынан хабарыңыз болса керек.
Ҳәзирги ўақытта mandat.dtm.uz сайтында нәтийжелер 2019-жыл 20-август жағдайы бойынша деп көрсетилмекте, деп жазады абитуриентлер порталы. Сондай-ақ, тест нәтийжелеринде олимпиада қатнасыўшылары да қосылған болып, дәслепки орынларды усы олимпиада қатнасыўшылары бәнт еткен.
Ҳәммени қызықтырып атырған сораў: Тест сынақларының жуўмақлаўшы нәтийжеси қашан жәрияланады?
Порталдың исенимли дәреклериниң мәлим етиўинше, тест сынақларының жуўмақлаўшы нәтийжеси ертең, 21-август күни ямаса максимум – ертеңниң арғы күни, 22-август күни жәрияланыўы күтилмекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.