Қутлы байрам – Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық күни – 1-сентябрден Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 11-июльде қол қойған «O’zbekiston tarixi» телеканалын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы қарарға муўапық мәмлекетимизде жаңа телеканал жумыс баслайды.

Бунда рәмзий мәни бар: мәмлекетимиз дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеп, миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай исенимли илгерилеп бармақта. Бул қарардан гөзленген мақсет, Ўатанымыздың әййемги бай тарийхын терең үйрениў, усы бағдардағы илимий-изертлеў жумысларын жеделлестириў, жас әўладты миллий  қәдириятлар ҳәм ата-бабаларымыздың бийбаҳа мийрасы тийкарында тәбриялаў, жәмийетте ўатансүйиўшилик ҳәм өз халқы менен мақтаныў сезимин қәлиплестириў тийкарында миллий өзликти беккемлеў ҳәм ўатанласларымыздың дүньяға көзқарасын кеңейтиў болып табылады.

Мың жыллар даўамында тамыр жайған  Өзбекстанның бай тарийхы, халқымыздың дүнья цивилизациясының раўажланыўына қосқан оғада үлкен илимий, мәдений ҳәм руўхый үлеси ҳаққында мәмлекетимиз халқын, сондай-ақ, сырт ел жәмийетшилигин кең көлемде хабардар етиў; ҳәр бир ўақыяның мазмун-мәнисин избе-из ҳәм системалы ашып бериў арқалы уллы тарийхымыздың барлық дәўирлерин терең илимий-изертлеўлердиң қалыслық нәтийжелери тийкарында көрсетип беретуғын мәлимлеме-таллаў ҳәм темалы телекөрсетиўлер, ток-шоу, «дөгерек сәўбетлерин» жоқары профессионаллық ҳәм идеялық және көркемлик дәрежеде шөлкемлестириў, жазыўшылар, сәркардалар, мәмлекетлик ғайраткерлердиң бийбаҳа мийрасын кең көлемде үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде олардың өмир жолы ҳәм қаҳарманлықлары ҳаққында, сондай-ақ, дүньялық әҳмийетке ийе болған Өзбекстанның ең жаңа тарийхының оғада жарқын ҳәм умытылмас бетлери ҳаққында сөз ететуғын илимий-ғалаба түрдеги бағдарламалар ҳәм ҳүжжетли фильмлер дүркинин жаратыў ҳәм усы сыяқлы бағдарлар бул телеканалдың тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады.

Бизиң көзқарасымызда, бул қарар тек ғана телевидение хызметкерлерине емес, ал барлық зыялыларға, соның ишинде. тарийхымыз ҳаққында шығармалар дөреткен ҳәм дөретиў нийетинде болған қәлем ийелерине де тийисли. Телекөрсетиўдиң тийкары да сөз болып есапланады. Усы жағдайды нәзерде тутып, барлық илим зыялыларымызды бул бағдарда белсене қатнасыўға шақырамыз. Ақыры, тарийхымыз халқымыздың өмир баяны екенлигин билиўимиз керек, әлбетте.

Бул қарар уллы тарийхымыз ҳаққында кең көлемли тарийхый ҳүжжет. Оның кең көлемли екенлиги сонда, халқымыздың түрли қатламлары, яғный илимпазлар, ойшыллар, уламалар, мәмлекетлик ғайраткерлердиң бийбаҳа мийрасын кең көлемде үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў күн тәртибине қойылған. Бундай көрсетпе бурын болмаған еди. Демек, барлық зыялылар, соның ишинде, жазыўшы ҳәм журналистлер усы қарардың орынланыўына өз үлеслерин қосыўы керек.

Бизге белгили, телевидениениң ўатаны – Өзбекстан, Ташкент. Инсаният өзи жасап турған жерден узақтағы нәрселер ҳәм ўақыяларды көриў тилеги менен барлық ўақытта қызығып келген. Бул тилек өзбек халқының әпсана ҳәм ертеклеринде де «Дүнья айнасы» түринде өз сәўлелениўин тапқан. Классикалық әдебиятымызда да бул ҳаққында сөз болған. Мәселен, Әлийшер Наўайы «Фарҳад ҳәм Шийрин» дәстанында бул тилекти көркемлик пенен сәўлелендирген. Чин (Қытай)лы Фарҳад армян қызы Шийринниң жамалын айнада көрип, ашық болып қалады. Халқымыздың әзелий арзыў-нийетлерин 1928-жылы Өзбекстан ССР пуқаралары – ташкентли ойлап табыўшылар Б.П.Грабовский ҳәм И.Ф.Белянскийлер Өзбекстан ҳүкимети ажыратқан қаржы жәрдеминде әмелге асырып, ойлап табыўды өз жуўмағына жеткерди: ҳәзирги Сайилгоҳ көшеси Мустафа Камал Отатурк көшесине тутасқан жеринде көшениң берги тәрепиндеги көринисти көшениң арғы тәрепине көрсетиўге ериседи. Бул телевидениениң дәслепки қәдеми еди. Келешеги айдын бул ашылыўдың жаратыўшылары мәжбүрий түрде  орайға шақырып алынады. Бундай ислер бурынғы аўқам дәўиринде болып турған.

Президентимиз тәрепинен қабыл етилген бундай терең халықшыл қарардан руўхландық, халық сөзи менен айтқанда,кеўлимиз толып-тасып, сүйсиндик.

Абдуқаҳҳор Иброҳимов

Өзбекстан Республикасы көркем өнер ғайраткери, профессор.

ӨзА