Нызамшылыққа муўапық, тест сынақлары нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер 21-августтан 30-августқа шекемги (белгиленген жумыс ўақтына муўапық) болған мүддетте аппеляциялық комиссиясына жазба ямаса электрон тәризде аппеляциялық шағымын бериў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Буннан соң абитуриентке хабарнама жиберилиўи, бунда ол хабарнамада белгиленген күни паспорты ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен келиўи шәрт.

Шағым аппеляциялық комиссиясы тәрепинен абитуриенттиң қатнасыўында, оның жазба жуўаплары тийкарында көрип шығылады.

Абитуриентке жуўаплар бети, тест тапсырмалары надурыс орынланған жуўаплар дизими және тест сынақларында берилген тест тапсырмалары китабы бериледи.

Усынылған ҳүжжетлер тийкарында абитуриент ҳәр бир надурыс тест тапсырмасына жуўапларын жазба тәризде баянлайды.

Комиссия аппеляциялық шағымды қанаатландырыў ямаса қанаатландырыўдан бас тартыў ҳаққындағы қарар қабыл етеди және абитуриент мүрәжат еткенде оған усы қарардан көширме бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.