Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен республикамыз халқы төрт күн дем алады.

Қосымша дем алыс күнлери Президенттиң «2019-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў ўақтында қосымша исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы пәрманында атап өтилген.

Ҳүжжет тийкарында, ҳәптесине 5 күн ислейтуғын пуқаралар 31-августтан 3-сентябрьге шекем дем алады. Ҳәптесине 6 күн ислейтуғын пуқаралар болса 1-сентябрьден 3-сентябрьге шекем дем алады.

Дем алыс күнлери қосымша исленбейтуғын күнлер (31-август) ҳәм 7-сентябрьдеги (шемби) дем алыс күнин 3-сентябрьге көшириў арқалы шөлкемлестириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.