Мойнақ районында «Future Muynak» мәлимлеме технологиялары ҳәм китап оқыўға үйретиў орайының ашылыўы режелестирилген болып, оның мақсети жасларды сапалы оқытыў, инновациялық таярлаў системасын раўажландырыў, аймақлық ҳәм халықаралық мәлимлеме технологиялары тараўына интеграциялаў, сондай-ақ, Мойнақ районын санлы экономика тийкарында раўажландырыў болып табылады.
Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары «Future Muynak» орайы ушын белгиленген тренерлерди оқытыў мақсетинде семинар-тренинг шөлкемлестирди.
Илаж даўамында қатнасыўшыларға программаластырыў, компьютер анимациясы, 2D графикасы 3D моделлестириў бағдары бойынша толық түсиник берилди.
«Future Muynak» орайында анимация, веб-дизайн, кино ҳәм видео өнимлерин және компьютер ойынларын ислеп шығарыў, сондай-ақ, оқыўшыларға сабақлықлар даўамында программаластырыў, компьютер анимациясы, 2D графикасы 3D моделлестириў үйретиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги