UzAuto Motors компаниясы 1.5 л. Turbo двигательли жаңаланған Malibu Facelift автомобилиниң саўдасы басланып атырғанын мәлим етти.
Жаңаланған, көпшиликтиң кеўлинен орын алған Malibu, Өзбекстан базарында Malibu 2.5л. орнын ийелейди және оның технологиялық ҳәм үнемлеўши (30%) даўамшысы болады.
Malibu 1.5 л. Turbo – бул сулыў ҳәм үйлесикли дүзилген седан болып, шырайлы ҳәм анық сызылмаларға ийе.
Алды жылжытыўшы автомобиль алдынғысынан 100 килограммға жеңил екенлигине қарамай, оның узынлығына шама менен 12 сантиметр қосқан. Бундай нәтийжеге оның 1,5 литрлик 160 ат күшине ийе турбомоторы себепли ерисилген.
Соны да айтып өтиў керек, бул модельдиң баҳасы алдынғысынан 5 миллион сумға арзан ҳәм ол ыссы климатлы мәмлекетлер ушын оғада қолайлы. Жаңаланған модельдиң реңлер палитрасы да кең орталықта усынылған. Сондай-ақ, усы модель сулыў ҳаялларымызға да сай келеди.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта жаңаланған Facelift Malibu Turbo 2 л. автомобилиниң да саўдасы жолға қойылған. Усы модельдеги автомобильлерди жеткерип бериў 2019-жылдың сентябрь айынан басланады.
Қарыйдарлардың Malibu автомобилине болған талабының көп екенлигин есапқа алған ҳалда UzAuto Motors Асака банки, InfinBank ҳәм Өзавтосанаат-лизинг пенен биргеликте автомобильди байрам акциясы шәртлеринде сатып алыўды усыныс етеди.
Қарыйдарларға соны мәлим етемиз, ҳәзирги ўақытта Malibu 2.5л. автомобили оғада аз муғдарда шекленген реңлер палитрасында қалған ҳәм усы модель ислеп шығарыўдан тоқтатылмақта.
Компанияның дилерлери менен биргеликте Malibu 2.5л. автомобили ушын шәртнама дүзген қарыйдарлардың алдындағы миннетлемелериниң толық ҳәм өз ўақтында орынланыўына кепиллик береди.
ӨзА