Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, оның мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериўге бағышланған семинар-тренинг болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментинин Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары И.Ахметов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде коррупцияға қарсы гүресиў, бул бағдарда халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, жәмийетте коррупцияға жек көриўшилик қатнас жасаўды қәлиплестириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, елимиздиң экономикасын буннан былай да беккемлеў, инвестициялық орталықты тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыўда Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде 2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилди. Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халық депутатлары Кеңеслери, районлық ҳәм қалалық халық депутатлары Кеңеслериниң қурамында коррупцияға қарсы гүресиў комиссиялары шөлкемлестирилди.
Семинар-тренингде усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў, оған қарсы гүресиўде жәмийетшиликтиң ҳуқықый билимин жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.