Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Даўыт-ата» шегара бажыхана постында өзиниң қоңсы мәмлекеттен кирип келген пуқара Х.А. басқарыўындағы «Cobalt» маркалы автомашина белгиленген тәртипте көзден өткерилгенде, автомобильдиң артқы орынлығының астына 1 дана газли пневматик пистолет қупыя түрде жасырып қойылғанлығы анықланды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Ҳәзирги ўақытта жоқарыдағы жағдай бойынша тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 29-июльдеги «Қурал ҳаққында»ғы Нызамына муўапық пуқаралық ҳәм хызмет қуралын және оның оқ-дәрилерин Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў ямаса алып шығыў, транзит етиў Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының рухсатнамаларына бола әмелге асырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги