Абитуриентлердиң студентликке усыныс етилгени ямаса етилмегени бойынша мағлыўмат тест сынақлары жуўмақланған күннен баслап бир ҳәпте мүддет ишинде Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты – dtm.uz сайтында жәрияланады. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» хабар берди.

Студентликке усыныс етилмеген абитуриентлер белгиленген квотадан тысқары қосымша төлемли контракт бойынша оқыўға қабыл етилиўи мүмкин.

Белгиленген квотадан тысқары қосымша тәризде төлемли контракт бойынша оқыўға қабыл етиў жоқары оқыў орынларының усынысларына муўапық, олардың имканиятлары, таңлаў ҳәм топланған баллар муғдарынан келип шығып, Мәмлекетлик комиссиясының қарары тийкарында белгиленеди.

Қосымша қабыллаўды әмелге асырыў усыныслары жоқары оқыў орынлары тәрепинен бойсыныўы бойынша министрлик ҳәм мәкемелер менен келисилген ҳалда 15-октябрьге шекем Мәмлекетлик комиссиясына киргизиледи.

Мәмлекетлик комиссиясы жоқары оқыў орынларының имканияты, таңлаў ҳәм топланған баллар муғдарынан келип шығып, еселенген төлемли контракт шәрти менен абитуриентлерди қосымша қабыллаў көрсеткишлери бойынша 20-октябрьге шекем қарар қабыл етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.