ЖПХ хызметкериниң хызмет қуралынан төменге карай оқ атқаны ҳаққында хабар берген едик. Ташкент қалалық ИИББ ЖПХ хызметкериниң оқ атқанына  байланыслы ҳәдийсеге рәсмий түсиник берди, деп жазады xs.uz  сайты.

Онда айтылыўынша, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң оқ атар қуралдан пайдаланыўы «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы Нызам тийкарында тәртипке салынады.

Атап айтқанда усы Нызамның 24-статьясында егер транспорт қуралының айдаўшысы пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдырса және ишки ислер уйымы хызметкериниң нызамлы талапларына қарамай, тоқтаўдан бас тартса, усы транспорт қуралына техникалық зыян жеткериў жолы менен тоқтатыўда оқ атар қуралын пайдаланыў ҳуқықына ийе екенлиги көрсетип өтилген.

Буннан тысқары, ериксиз түрде оқ атылыўының себеплери үйренилмекте. Сондай-ақ, қуралдың насазлық версиясы да тексериледи.

Қарақалпақстан хабар агентили