Қарақалпақстан Республикасының пайтахты Нөкис қаласында 2019-жылдың 1-июль жағдайына муўапық 317,3 мың адам турақлы түрде жасайды. Нөкис қаласының халқы 2019-жылдың басынан берли 2,4 мың адамға (0,8%) көбейген. Бул ҳаққында ҚР статистикалық басқармасы хабар берди.

Усы жылдың январь-июнь айларында пайтахтымызда 2,6 мың бала дүньяға келген болып, туўылыў коэффициенти сәйкес түрде 1000 адамға салыстырғанда 16,8 промиллени қурады. Бул көрсеткиш өткен 2018-жылдың усы дәўиринде 16,6 промиллени қураған еди.

Нөкис қаласында усы жылдың январь-июнь айларында 0,6 мың адам қайтыс болған болып, солардың 38 и бир жасқа толмаған бала болып табылады.

Пайтахтта өлимшилик коэффициенти 4,1 промиллени қурап, өткен 2018-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 0,2 промиллеге азайған (2018-жылдың сәйкес дәўиринде 4,3 промиллени қураған).

Нөкис қаласы халқының тәбийғый өсими 2,0 мың адамды қурап, 2018-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 0,1 мың адамға көбейгени бақланған (бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўиринде 1,9 мың адам болған).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.