Ферғана нефтьти қайта ислеў заводына сырт ел инвесторлары тәрепинен нефть шийки затын жеткерип бериў басланғаны тарийхый ўақыя сыпатында күтип алынды. Бул жерде мийнет етип атырған жумысшы-хызметкерлер Президентимиздиң заводты қайта тиклеў бағдарындағы басламасынан шексиз қанаатланбақта.

Завод өз ўақтында Ферғана ойпатындағы нефть кәнлерин өзлестириў ҳәм регион мәмлекетлерине нефть өнимлерин жеткерип бериў мақсетинде қурылған. Ол ҳәзирги күнде де углеводород шийки затын қайта ислеў бойынша елимиздеги ири комплекслерден бири болып есапланады. 475 гектар жер майданы, 52 технологиялық объект оның жоқары потенциалынан дәрек береди.

Бирақ техника ҳәм технологиялардың гөнергени, өндирис тийкарынан импортқа байланыслы болғаны себепли кәрхана соңғы он жылда өзин ақламай атырған еди. Жыллық жойбардың қуўатлылығы 6 миллион 450 мың тонна болған ҳалда, өндирис тек ғана 30 процентке түсип қалған еди. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Ферғана нефтьти қайта ислеў заводын модернизациялаў бойынша инвестициялық жойбарды әмелге асырыў жумыслары басланды. Модернизация процеси Индонезияның «Transasia Resources» компаниясы менен биргеликте үш басқышта әмелге асырылады.

3.JPG

– Компаниямыз тәрепинен жойбар шеңберинде 2022-жылға шекем кеминде 875 миллион доллар тиккелей инвестициялар тартылады, – дейди инвестор ўәкили Музаффар Мавлонов. – Ҳәзирги күнлерде «Grasmo Assets PTE» сырт ел кәрханасы шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта заводқа шийки зат алып келиў, өндирис көлемин арттырыў бойынша дәслепки жумысларды басладық. Шийки зат Россия, Қазақстан ҳәм басқа да қоңсы мәмлекетлерден алып келинбекте. Сондай-ақ, тийкарғы инвестицияны заводтың қуўатлылықларын иске қосыў ҳәм оны модернизациялаўға бағдарлаўды мақсет еткенбиз.

Өткен жыллар даўамында нефть шийки затының жетиспеўшилиги нәтийжесинде көплеген жумыс орынлары қысқартылды, айырым бир қурылмалардың жумысы тоқтады. Бул заводта жаңа дәўирдиң басланыўы болса бул жерге қайнап турған жумыс процесин алып келди. Көплеген қәнигелер өзлериниң жумыс орнына қайтты. Миродил Собиржонов мине усылардан биреўи.

4.JPG

– Көп жыллар жумыс ислеген жерге қандай да бир меҳриңиз артып қалады екен, – дейди М.Собиржонов. – 2014-жылда шийки зат жетиспеўшилиги себепли бизлер мийнет етип атырған қурылманың жумысы тоқтап, жумыс орынларымыз қысқарғаны ушын басқа жерде ислеп атырған едим. Президентимиздиң заводқа еткен сапарын, модернизациялаў бойынша тапсырмаларын телевидение арқалы көрип, қуўандым. Мине усындай ийгиликли жумысларды әмелге асырыў процеси басланды. Мен де жанажан заводыма қайттым. Бүгинги күнде нефтьти бирлемши қайта ислейтуғын қурылма модернизацияланып, иске қосылды. Ҳәммемиз заводымыздағы үлкен жаңаланыўлардан қуўанышлымыз.

Ферғана нефтьти қайта ислеў заводына дәслепки нефтьтиң кирип келиўи қуўанышлы түрде белгиленди. Завод үлкен жаңаланыўлар босағасында турыпты. Ири инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы болса заводтың абырайын тиклеп, бәсекиге шыдамлы ҳәм сапалы өним ислеп шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.

Илажда Ферғана ўәлаятының ҳәкими Ш.Ғаниев шығып сөйледи.

11.JPG

 13.JPG

М.СУЛАЙМАНОВ,

ӨзАның хабаршысы