Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 12-июльдеги «Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм басқа да напақалардың муғдарын көбейтиў ҳаққында»ғы пәрманына бола, 1-августтан баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм басқа да напақалардың муғдары 1,1 есеге арттырылды.

Оған бола, 2019-жылдың 1-августынан баслап мәмлекетимиз аймағында ең кем мийнет ҳақы – айына 223 000 сум етип белгиленди. Оған шекем ең кем мийнет ҳақының муғдары – айына 202 730 сум болған. Бунда балалар ушын төленетуғын алименттиң муғдары қандай боладыЎ Бул сораўларға Әдиллик министирлигиниң жуўапкер хызметкери Фаррух Жўраев төмендегише жуўап берди:

-Шаңарақ кодексиниң 99-статьясына муўапық, ата-ананың ер жетпеген балаларына төлейтуғын алимент муғдары белгиленген,-дейди Ф.Жўраев. – Егер ер жетпеген балаларын тәмийинлеў бойынша ата-ана арасында келисим болмаса, олардың тәмийнаты ушын алимент суд тәрепинен ата-ананың ҳәр айдағы мийнет ҳақы ҳәм (ямаса) басқа да дәраматының бир бала ушын – төрттен бир бөлеги; еки бала ушын – үштен бир бөлеги; үш ҳәм оннан зыят бала ушын – ярымы муғдарында өндириледи.

Сондай-ақ, ҳәр бир бала ушын өндирилетуғын алимент муғдары нызам ҳүжжетлери менен белгиленген ең кем мийнет ҳақының жетпис бес процентинен кем болмаўы керек. Яғный 2019-жылдың 1-августынан баслап 167 250 сумнан кем болмаўы керек.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексииниң 144-статьясына муўапық, судтың шешиўши қарарына тийкарланып пул менен төленетуғын белгиленген суммада өндирилип атырған алиментлерди индексациялаў алиментлердиң услап қалынып атырған жерде нызам ҳүжжетлери менен ең кем мийнет ҳақыға теңдей түрде әмелге асырылады.

Енди мийнет ҳақы көбейтилсе, алимент муғдары да көбейе ме деген сораўға тоқтап өтетуғын болсақ, орташа есапта әкениң мийнет ҳақысы басқа да дәраматларсыз 2019-жылдың 1-августына шекем 1 000 000 сум деп алсақ, 1-августтан баслап 10 % көбейтилсе, әкениң мийнет ҳақысы 1 100 000 сум болады. 2019-жылдың 1-августына шекем әке бир бала ушын төрттен бир бөлеги, яғный 250 000 сум алимент төлейди. Еки бала ушын – үштен бир бөлеги, яғный 333 333 сум. Үш ҳәм оннан зыят бала ушын – ярымы, яғный 500 000 сум муғдарында алимент төлейди.

2019-жыл 1-августтан баслап ең кем мийнет ҳақының муғдары 10 % көбейтилиўи есабынан әкениң мийнет ҳақысы 1 100 000 сумды қурайды. Соннан келип шығып, әкеден бир бала ушын төрттен бир бөлеги яғный 275 000 сум. Еки бала ушын – үштен бир бөлеги, яғный 366 667 сум. Үш ҳәм оннан зыят бала ушын – ярымы, яғный 550 000 сум муғдарында өндириледи. Жоқарыдағылардан келип шығып, 2019-жыл 1-августқа шекем ҳәм 1-августтан кейинги ҳалаттағы ең кем мийнет ҳақы муғдарлары және алимент муғдарларын салыстыратуғын болсақ, егер ең кем мийнет ҳақы 10 % процентке көбейтилсе, өз-өзинен алимент муғдары да оған сәйкес түрде 10 % ке көбейеди.

Сондай-ақ, бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери болмаған шөлкем ҳәм кәрханалар ямаса жеке-меншик секторлардағы хызметкерлердиң мийнет ҳақысының көбейиўи алимент муғдарының көбейиўине алып келмеўи мүмкин. Өйткени, бул хызметкерлердиң мийнет ҳақысының арттырылыўы өз алдына бөлек тәртипте әмелге асырылады.

Сайёра Шоева,

ӨзАның хабаршысы