Президент Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен танысыў мақсетинде 18-июль күни Сырдәрья ўәлаяты Ховос районында болды. Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ховос районы орайында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.

Бүгиниги күнде Ховос қалашасында 27 мыңнан аслам халық жасайды. Бул жерде соңғы елиў  жыл даўамында бирде бир көп қабатлы имарат қурылмаған. Адамлар гөне, тар, ызғар турақ жайларда жасап келген. Инфраструктура объектлери де аўыр жағдайға түсип қалған, изей суўлардың жоқарылығы халықтың жасаў шараяты және де төменлесиўине алып келген.

Президентимиз усы жыл 19-февральда ўәлаятқа еткен сапары ўақтында  район орайын қайта қурыў, инфраструктураны жақсылаў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берген еди. Оның орынланыўы шеңберинде 2019-жыл 7-майда Министрлер Кабинетиниң Ховос районы орайын раўажландырыўға байланыслы қарары қабыл етилди.

Ҳәзирги ўақытта арнаўлы ажыратылған аймақта комплексли қурылыс жумыслары әмелге асырылып, 30 көп қабатлы турақ жай қурылмақта. Жәми квартиралар саны 760 ты қурайды. Олардың 600и арзан турақ жайлар болса, 160ы коммерциялық квартиралар есапланады.

10 коммерциалық турақ жайдың 1-қабатында саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў объектлери болады. Сондай-ақ, 150 бир қабатлы турақ жайлар қурылмақта. Турақ жайларды усы жылы гүзде пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Заманагөй инфраструктураға ийе жаңа турақ жайлар халықтың социаллық шараятын жақсылап, турмыс сапасын арттырады.

Буннан тысқары, жергиликли ҳәкимлик ҳәм басқарыў уйымларының имаратлары, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги, коммерциялық банклер, мектеп, дем алыў парки, еслеў майданы, кинотеатр, китапхана, мешит, базар, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшаларында да қурылыс жумыслары жеделлик пенен алып барылмақта.

Президент қурылыста ислетилип атырған материаллардың баҳасы ҳәм сапасы менен де қызықты. Локализациялаў дәрежесин арттырып, олардың баҳасын және де азайтыў илажларын көриў керек екенлигин атап өтти. Урбанизация көз қарасынан район келешегин бүгиннен баслап ойлаў, зәрүр орынларға коммуникация тармақларын тартыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм босаған жерлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша тапсырмалар берди.

Енди жаңа жумыс орнын жаратыўға итибар қаратыўымыз керек. Өйткени жаңа турақ жайларға көшип өтетуғын халқымыз турақлы дәрамат дәрегине ийе болсын, деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жерде Президентимизге Сырдәрья ўәлаяты, атап айтқанда, Ховос районында ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба системасын раўажландырыў, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети тәрепинен Мирзаабат районында қурылып атырған қусшылық, бағшылық, овощ жетистириў ҳәм палыз егинлери комплекси, «Қәўипсиз қала» концепциясы шеңберинде Ховос қаласында жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша биргеликте шөлкемлестирилетуғын хызметлер, усы жылы районда дүзилетуғын киши бизнес субъектлери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда кейинги жылларда 1 мың 164 километр суў қубыры тартылғаны, 57 суў тарқатыў станциясы ҳәм бақа да объектлердиң қурылғанлығы келтирип өтилди. Усы ҳәм гезектеги жумыслар нәтийжесинде 2020-жыл басында ўәлаят халқының ишимлик суўы менен тәмийинлениўи 88 проценттен асады. Мирзаабот районында қурылып атырған қусшылық, бағшылық, овощ жетистириў ҳәм палыз егинлери комплексинде мыңлаған жаңа жумыс орны жаратылады.

Орынларда жынаятшылықты азайтыў, алдын алыўда ишки ислер ҳәм прокуратура уйымлары биргеликте ислеп, бурынғыдай район ямаса ўәлаят кесиминде емес, ал мәҳәлле кесиминде жағдайды таллаў керек екенлиги, Ховос районында ири өндирис комплекслериниң жоқ екенлиги есапқа алынып, киши исбилерменлик субъектлерин раўажландырыў, бар имканият ҳәм потенциалдан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы район орайындағы халықтың турмыс шараяты менен танысты.

Шавкат Мирзиёев Ховос районындағы «Сақаўат» фермер хожалығының атызында болып, ғаўашаның раўажланыўын көзден өткерди.

«Бек кластер» кәрханасына қараслы бул хожалықта быйылғы мәўсимде ғәлледен 455 тонна өним алынып, 314 миллион сумнан аслам сап пайда көрилген. Босаған майданға экспортқа жарамлы егинлер егилген. Ҳәзир 50 гектар майданда ғаўаша тәрбияланбақта.

Фермерлер «Сардоба» суў сақлағышы қурылғанлығы, зыянкеслерге қарсы гүресиў ушын Сырдәрья ўәлаятына 10 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылғанлығы нәтийжесинде ең әҳмийетли мәселелер сапластырылып, жоқары өним жетистирилип атырғанлығы атап өтилди.

Атызға шығыўдан мақсет не өзиЎ Дәрамат табыўӘ Дәраматты болса қосымша зүрәәт тәмийинлейди. Соның ушын теримге шекем ҳәр бир түпке кеминде бесеўден ғөрек, гектарына бес центнерден пахта қосыўға ҳәрекет етиў керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде ўәлаяттың районлары ҳәм секторлардың басшылары, нуранийлер, фермер ҳәм исбилерменлер менен ушырасыў болды. Онда аўыл хожалығы ҳәм киши бизнести раўажландырыў, халықтың денсаўлығын беккемлеў, жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз болды.

Быйыл февраль айындағы сапары даўамында ислеп шығылған, улыўма баҳасы 2,2 миллиард доллар болған 2 жыллық аймақлық инвестициялық бағдарламаны орынлаў шеңберинде биринши ярым жыллықта өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2 есеге көп капитал қойылмалар өзлестирилген.

Янгиер қаласында баҳасы 600 миллион доллар болған, жылына 400 мың тонна аммиак ҳәм 660 мың тонна карбамид ислеп шығаратуғын химия заводы мәмлекетииз экономикасында әҳмийетли орын тутатуғын комплекс болатуғыны атап өтилди.

Сырдәрья ыссылық электр сстанциясының энергоблокларын модернизациялаў, 2020-2023-жылларда бул станцияның жанында ҳәр бири 1 мың 300 мега-ват қуўатлылыққа ийе болған 2 жаңа ыссылық электр станциясын қурыў, «Фарҳод» гидро электр станциясын модернизациялаў ҳәм «Сардоба» суў сақлағышында киши ГЭС қурыўдың әҳмийети атап өтилди.

Бул электр станцияларындағы жумыслар жуўмақланғанынан кейин ўәлаяттағы бар қуўатлылық 2 мың 774 мега-ваттқа, электр энергия ислеп шығарыў көлеми 23,5 миллиард киловатт саатқа артады. Ең әҳмийетлиси 2,5 миллиард куб метр тәбийғый газ, дерлик 500 миллион доллар қаржы үнемленеди.

Сырдәрья ўәлаятында быйылғы пахта өними ушын 73 мың гектар майданға шигит себилген. Бәҳәр жаўын-шашынлы келгениниң ақыбетинде айырым жерлер бузылып, қайта егилген.

Ўәлаят ҳәм тараў жуўапкерлерине қалақ майданлардың ҳәр бир контурында қадағалаўды жолға қойып, биостимулятор менен қайта ислеў, барлық агротехникалық илажларды системалы шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Пахтаның сатып алыў баҳасының өткен жылға салыстырғанда дерлик 1,3 есеге көбейтилгени фермерлердиң мәпдарлығын арттырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы ири санаат кәрханалары болмаған ўәлаятта жалпы аймақлық өнимди өсириў, халықты жумыс пенен тәмийинлеўдиң тийкарғы дәреги киши бизнес болыўы керек екенлигин атап өтти.

Ўәлаятта жынаятшылықтың алдын алыў бойынша жаңа система иске түскен. Оған бола, Гүлистан қаласында 4, Сырдәрья районында 2 ишки ислер бөлими ашылып, олардың қурамында. сондай-ақ, қалған районлардың ишки ислер бөлимлеринде ҳаял-қызлар бойынша инспекторлар лаўазымы енгизилген. Нәтийжеде ўәлаятта жынаятшылықтың саны өткен жылларға салыстырғанда 38 процентке азайды.

Еки жыл бурын Сырдәрья ўәлаяты медицина бағдарында қалақ аймақлардан еди. Президенттиң тапсырмасы менен бир жыл ишинде ўәлаятлық кардиология, наркология диспансерлери, Гүлистан, Мирзаабат районларында, Шийрин қаласында емлеўханалар пайдаланыўға тапсырылды. Улыўма, 33 медициналық объект ушын 47 миллиард сум қаржы ажыратылды. 2019-жылдың өзинде ўәлаят эндокринология ҳәм тери-венерик кеселликлери диспансерлери, Гүлистан қалалық туўыў комплекси қурып питкерилди. Сырдәрья, Ховос районлары жуқпалы кеселликлер емлеўханасы, Боёвут районлық емлеўханасы ҳәм көп тармақлы поликлиникасы, Гүлистан қалалық көп тармақлы поликлиникасы пайдаланыўға тапсырылды.

Ўәлаяттағы медициналық бирлеспелер 2018-жылы 1 миллион долларлық медициналық үскенелер менен тәмийинленген болса, 2019-жылда усы мақсет ушын 4 миллион доллар қаржы ажыратылды.

Дәслеп Боёвут районы ҳәм Гүлистан қаласында үлги ретинде шөлкемлестирилген медициналық хызмет көрсетиў системасынан енди ўәлаят көлеминде пайдаланылмақта. Барлық медициналық бирлеспелер интернет тармағына жалғанып, электрон поликлиника, электрон гезек системасы жолға қойылмақта. Ўәлаятта медициналық қамсызландырыў бойынша да алдынғы тәжирийбе өзлестирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта жынаятшылықтың, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, халықтың саламатлығын тәмийинлеў, билимлендириў системасын жетилистириў, киши бизнести раўажландырыў, қурылыс жумысларының көлемин кеңейтиў сыяқлы мәселелер бойынша зәрүр тапсырмалар берди.

Мәмлекетимиз басшысының ўәлаятларға сапарлары барлық ўақытта үлкен жаңаланыўларды баслап береди. Олардың нәтийжесинде халықтың абаданлығын жақсылаў, экономиканы раўажландырыў, мәдений-ағартыўшылық турмысты байытыў, қала ҳәм аўыллардың көринисин өзгертиўге хызмет ететуғын ири жойбарлар әмелге асырылады. Ҳәўес етиў орнына айланып атырған Ховос районы усы пикирдиң және бир айқын дәлийли болады.

Зиёдулла Жонибеков,

Умар Асроров,

ӨзАның хабаршылары