Гулистан АННАҚЛИЧЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Сенатор

 

 

ӘМИЎДӘРЬЯ ЖАҢА ТУРМЫС ЖОЛЛАРЫНДА

(даўамы)

 Аўа, ҳақыйқатында да неше-неше әсирлерден берли халыққа тиришилик беретуғын, ырысқы-несийбени арттыратуғын, дастурханларды молшылық ететуғын уллы дәрья-асаў дәрья-Жайҳун дәрья-Әмиўдәрья аты менен аталатуғын бул районды тек ғана Қарақалпақстан емес, ал пүткил Өзбекстанның дийқаншылық академиясы, деп тән алады.

Әсиресе Ғәрезсизлик жылларында марҳум, экономика илимлериниң кандидаты Р.Йўлдошев районға басшылық еткен жылларда Әмиўдәрья районының социаллық-экономикалық көрсеткишлери кескин көтерилди. Қәбилетли, шөлкемлестириўши басшының бул интакерлиги нәтийжесинде районда пиллешилик, ғәллешилик, пахташылықтың өзине тән үлкен тәжирийбе мектеби жаратылды.

Соңғы жылларда да районда бул тәжирийбе мектеби себепли район дийқанларының жемисли мийнетлериниң нәтийжесинде район мийнеткешлери Өзбекстан Республикасында бириншилерден болып пилле, ғәлле, пахта таярлаў режелерин артығы менен орынлап келмекте. Пиллекешлер 182,9 тонна пилле жетистирип шәртнама режесин 104,1 процентке орынлады. Бул көрсеткишлер өткен жылға салыстырғанда 21,6 тоннадан артық болып есапланады. Фермер хожалықлары тәрепинен мәмлекет қырманына 9748,4 тонна дән жеткерип берилди. Реже 145,6 процентке орынланды.

Районның пахтакеш дийқанлары усы күнлери ғаўаша тәрбиясын жоқары агротехника талаплары тийкарында алып бармақта.

572 фермер хожалығынан 185 и 7146 гектар жерде кластер усылында пахта жетистирмекте. Районда шарўашылық тараўында 49, бағшылық бағдарында 36, қусшылық бойынша 10, овощ, палыз өнимлерин жетистириўде 27, халықты балық өнимлери менен тәмийинлеўде 66, пал ҳәррешилик ҳәм басқа да бағдарларда 10 нан аслам фермер хожалықлары бар. Қоңсы районлар, ҳәттеки, Ташкент базарларында да бул тараўлардағы барлық өнимлер  өзиниң сапасы ҳәм өтимлилиги менен ажыралып, қарыйдарлардың итибарын тартып атырғанлығы ҳақыйқат.

Президентимиздиң аграр тараўын заман талаплары дәрежесинде раўажландырыў, бул тараўға инновациялық идеяларды алып кириў, дийқаншылық өнимлерин экспортқа шығарыўды көбейтиў, дастурханлардың молшылығы, халықтың турмыс абаданлығы усы тәризде артып барыўы бойынша шығарған Пәрман ҳәм қарарлары, берген баҳалы көрсетпелериниң әмелге асып, жақсы нәтийже берип атырғанын Әмиўдәрья районының дийқанлары ерисип атырған жетискенликлер мысалында айқын көриўимиз мүмкин.

Тек ғана булар емес. Әмиўдәрья районында тиккелей сырт ел инвестицияарының қатнасыўында әмелге асырылып атырған бир қатар жойбарлар ҳаққында сөз ететуғын болсақ, әлбетте, бул бойынша усы жылы әмелге асырылып атырған жумысларға итибар беремиз. Быйылғы январь – июнь айларында 6 жойбарда 1 млн. 37 мың АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестицияларының өзлестирилгенлиги, «Амударё мева-сабзавотчилик илмий-тажриба кластери» ЖШЖға 600 мың АҚШ доллары ашшы бурышты қайта ислеў ушын, «Аму мева-сабхавот холдинг» ЖШЖға 62 мың АҚШ доллары ҳәм «Бунёд-Бехруз автотранс» ЖШЖ тәрепинен 63 мың АҚШ доллары қаржылары есабынан жүк машинасын алып келиўге, «Qaraqalpaq Kaolin» ЖШЖға 162 мың АҚШ доллары муғдарында каолинди қайта ислеўди жолға қойыў ушын, «Qilichboy Qum» ЖШЖға 100 АҚШ доллары муғдарында гербиш ислеп шығарыўды кеңейтиў ушын, «Аму Шахжахон» ЖШЖға 50 мың АҚШ доллары керамикалық ҳәм шийше ыдысларды ислеп шығарыўды кеңейтиў ушын тиккелей сырт ел инвестициялары тартылғанлығы пикиримиздиң айқын дәлийли болып есапланады.

Булардың ҳәммеси, әлбетте, жаңадан жумыс баслаўға таярлық көрип атырған, район санаатын жаңа басқышқа көтериўде өз орнына ийе болатуғын, әсиресе халықтың бәнтлиги бойынша машқалаларды шешиўге жәрдемлесетуғын унамлы нәтийжелер болып есапланады.

Сондай-ақ, 3 ири жойбарда, баҳасы 20 млн АҚШ доллары муғдарында, соннан 2019-жылы 7,5 млн. АҚШ доллары муғдарында тиккелей сырт ел инвестициялары киргизилмекте. Соның ишинде: ЖШЖ «ASIA SILK MANGIT» тәрепинен «Ийирилген жип ҳәм гезлеме ислеп шығарыў»ды шөлкемлестириў бойынша 2019-2020-жылларда 6,0 млн. АҚШ доллары муғдарында еки жыл ишинде ЖШЖ «Амударё тумани мева-сабзавотчилик илмий тажриба кластери» тәрепинен «Заманагөй ыссыхана ҳәм ашшы бурышты қайта ислеў»ди шөлкемлестириў бойынша 2019-жыл 6,0 млн. АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестициясы киргизилмекте. Бул тараўда жумыс баслайтуғын кәрханаларда 200 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылмақта.

Районда инвестициялық бағдарлама бойынша санаат тараўында 17 жойбар, соның ишинде, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша 3, қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша 9, жеңил санаат ҳәм басқа да азық-аўқатлық емес өнимлерди ислеп шығарыў бойынша 5 жойбарға 120 миллиардтан аслам инвестициялар киргизилип кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Усы күнлерде районда быйылғы жылдың 3-шерегиниң жуўмағы бойынша 10 жойбардың иске қосылыўы нәзерде тутылмақта.

Бул жойбарлар иске қосылса, халыққа не береди, деген сораў туўылады. Бизлер жоқарыда тилге алынған 40 тан аслам жойбардың нәтийжеси районда 36 мың дана таяр тигиўшилик ҳәм тоқымашылық өнимлери, 1 700 дана есик, айна ҳәм мебель ислеп шығарыў, 48 тонна сүт өнимлери болған творог, қойыўландырылған сүт, сметана ислеп шығарылады.

Сондай-ақ, халыққа 324 тонна ун өнимлери, 871 500 дана нан ҳәм нан өнимлери жеткерип бериледи. Районда 1396 тонна боян тамырын қайта ислеў, 201,6 тонна автомобиль мотор майын қайта ислеў, 420 дана мебель ислеп шығарыў, 2640 темир үскенелерин жаратыў, 7 000 дана тигиўшилик өнимлери халықтың талапларын қанаатландырыў ушын кең имканиятлар ашып береди.

Район халқының турмыс абадандылығы артып атырғанлығы, аўыллардың көриниси өзгерип көркем ҳәм гөззал, абатлыққа ийе болып атырғанлығы, жаңадан жоллар, көшелер, бағлар, майданлар қурылып аўыллар заманагөй көриниске енип атырғанлығы, әлбетте, жоқарыда тилге алынған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде көзге тасланбақта.

Әмиўдәрья районында аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын алып барылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслардың нәтийжеси район халқының бай жасаўы дерлик еки шаңарақтың биринде бир қатар заманагөй автомобильлер пайда болып атырғанлығы, турақ жай имаратлары, балалар дем алыў орайлары, жаңадан қурылып атырған мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, спорт майданшалары, мектеплер, мәденият ҳәм дем алыў орынлары, район халқының Президентимизге болған миннетдаршылық сезимлерин арттырмақта, олардың шын мәнисинде де турмыстан разы болып атырғанлығы халықтың кеўили тоқ екенлиги, шүкиршилигинде айқын көзге тасланбақта.

Районда айрықша тилге алыў әҳмийетли болған тема – жаслардың бәркамаллығына, олардың руўхый дүньясы бай болып жетилисиўи, физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат болыўына, жаслардың турмысына үлкен итибар қаратылып атырғанлығы әҳмийетли болып есапланады.

Районда Президентимиз  тәрепинен алға қойылған жәмийетлик, руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша 5 әҳмийетли баслама бағдарында көрсетилген мақсетли режелерди әмелге асырыў кең көлемде алып барылмақта.

Районда «Ўатан мениң нәзеримде», «Мен не ушын жақсы көремен Өзбекстанды», «Сүўретлерде жасайды әлем» темаларында жас көркем өнер шеберлери, художниклер, шайырлардың таңлаўлары өткерилди.

Районда 320 орында үлкен киши стадионлар бар. 64 спорт заллары, жүзиў бассейни, 13 жасалма қапламалы мини футбол майданшалары жасларда спорт көнликпелерин раўажландырыў, спортта өзлериниң кәбилетлерин көрсетиў, денсаўлықларын беккемлеў имканиятларын бермекте.

Жедел пәт пенен өзгерип атырған турмысымызға компьютер технологиялары ҳәм интернет терең кирип келмекте. Бул бойынша район жасларына «Компьютер саўатханлығы» дөгереклери үлкен жәрдем бермекте. Жас исбилерменлер шөлкемлестирген «Муҳриддин Болтобоев» ҳәм «Шерали Шоҳжаҳон» кәрханалары жасларға компьютерлерге техникалық хызмет көрсетиў көнликпелерин жетилистириўде жәрдемлеспекте. Бул жумысларға районда 700 ден аслам жаслар тартылған.

«Қәдирли мектебиме китап саўға етемен» сүрени астында улыўма билим бериў мектеплерине қәўендерлер тәрепинен 10 мыңнан аслам китаплар саўға етилди, 4 аймақта еки мыңнан аслам китапты жәмлеген халық китапханалары жаңадан шөлкемлестирилди. Усы аймақларда жаслар ушын «Зийрек китапқумар» таңлаўы ушын район ҳәкимлигиниң баҳалы саўғалары ажыратылмақта. Жеңимпазлар ғәрезсизлик байрамы алдында сыйлықланыўы нәзерде тутылмақта.

Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен бири болып есапланады. 209 ҳаял-қыз исбилерменликке бағдарланды. 70 и өнерментшиликке тартылды. Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен 22 ҳаял-қызға 750 миллион сумлық кредитлер ажыратылып, 90 жаңа жумыс орны жаратылды.

150 ҳаял-қыз тигиўшиликке бағдарланып, олардың 73 и кәсипке қайта оқытылды. Буннан тысқары 280 ҳаял-қызға «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» шеңберинде 3 050,7 млн. сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Әмиўдәрья районы бойынша бизлер тилге алған мағлыўматлар районда алып барылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслардың тек бир бөлеги ғана. Районда жаратылып атырған жаңа турмыс жоллары усы аймақтан Әмиўдәрья толып-тасып ағып өтип атырғанында көриледи. Ески ҳәм уллы дәрьямыз Әмиў әзиз халқымыздың тарийхына да, бүгинги абат турмысына да, келешектеги бахытлы күнлерге де байланыслы екенлигин билемиз.

… Әлбетте Шымбай ҳәм Әмиўдәрья районларындағы бундай жаңаланыўлар, дөретиўшилик мийнет Қарақалпақстанның барлық жерлеринде қызғын даўам етпекте.

Ҳәр күни жүз берип атырған жаңа хабарлардың ағымы Қарақалпақстанның жаңаланған турмысын барған сайын байытпақта.

Нөкис қаласында Орайлық Азияда бирден-бир болған «Имкон» атлы Өзбекстандағы биринши қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси пайдаланыўға тапсырылғанлығы ҳаққындағы қуўанышлы ўақыя ҳәммени қуўандырды.

Себеби бул мәкеме ҳәр қыйлы физикалық кемшиликлери болған балаларды социаллық-мәдений орталыққа тартыў, оларды мектепке шекемги билим бериў ҳәм саламатландырыў реабилитациясы менен тәмийинлеў иканиятын жаратып береди.

Жүрек-қан тамырлары кесилликлери диспансеринде 6,7 млрд. сумлық реконструкция жумыслары орынланбақта, Қоңырат, Төрткүл, Шоманай, Беруний районлары ҳәм Нөкис қаласында 22,5 млрд.сумлық жәми 1710 оқыўшыға мөлшерленген 7 жаңа мектеп қурылмақта, Хожели, Шымбай, Елликқала районлары ҳәм Нөкис қаласында 15,7 млрд.сумлық 4 жаңа музыка ҳәм көркем өнер мектеплери қурылмақта.

Булардан тысқары, жаңа 12 мектеп, 18 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 8 денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде реконструкция ҳәм капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, 54,2 млрд.сумлық 178,8 км. ишимлик суў тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў, 103,3 млрд.сумлық 91 км. жолларды қурыў ҳәм оңлаў жумыслары орынланбақта.

Бәнтлик бағдарламасы шеңберинде 2019-жылы 18,6 мың жаңа жумыс орынларының жаратылыўы нәзерде тутылған.

Соннан, өткен 5 ай даўамында 6696 жаңа жумыс орынлары жаратылып, белгиленген реже 106,8 процентке орынланды.

Соны да мақтаныш пенен айтыў мүмкин, елимизде жаратып берилип атырған қолайлықлар ҳәм жеңилликлердиң нәтийжесинде жылдан-жылға исбилерменлердиң қатары кеңеймекте. Өткен 5 ай даўамында жаңадан 2021 жаңа киши бизнес субъектлери шөлкемлестирилип, олардың саны 14 мыңнан артты.

Бул бойынша Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» ҳәм «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўы өз нәтийжесин бермекте.

Халықты қыйнап атырған машқалаларды унамлы шешиў, олардың турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў бойынша жумысларды және де нәтийжели шөлкемлестириўге ҳәм 4 секторлардың жумысын жетилистириўде Ҳүрметли Президентимиздиң 2019-жыл 8-январьдағы қарары кең имканиятлар жаратты.

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханалары менен биргеликте ҳәр бир сектор басшысы ҳәм штаб ағзаларының үйме-үй жүриў графиклери тийкарында 1426 жуўапкер хызметкер ҳәм қәнигелер менен аймақларда халықтың машқалаларын үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларындағы 411 мәҳәлле ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында 318 мыңнан аслам шаңарақ болып, өткен дәўир даўамында барлық сектор басшылары менен ағзалары тәрепинен 300 мыңнан аслам шаңарақтың жасаў шараятлары кеңнен үйренилди. 28600 машқалалар анықланды, оннан 18225 машқала орнында шешилди.

Халықты жумыс пенен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў Президентимиздиң турақлы итибарында. Бәнтлик бағдарламасы шеңберинде 2019-жылда 18645 жаңа жумыс орынлары жаратылып, биринши гезекте жумыссызлық дәрежеси жоқары болған районларға айрықша итибар қаратылмақта.

Район ҳәм қала ҳәкимликлери, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-2020-жылларда улыўма баҳасы 11 трлн.сумнан аслам баҳадағы 793 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 12 мыңнан аслам жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша анық режелер әмелге асырылмақта.

Оннан, 2019-жылда баҳасы 3,3 трлн.сумлық 674 жойбарды иске түсириў ҳәм 7313 жаңа жумыс орынларын жаратыў нәзерде тутылған.

2019-жылы Инвестициялық бағдарлама тийкарында 44,4 млрд.сумлық 19 улыўма билим бериў мектеплерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў, солардан 7 жаңа мектеп қурылып, 8 мектепте реконструкциялаў, 4 мектепте ири оңлаў жумыслары орынланды.

15,9 млрд.сумлық 4 музыка мектеплерин жаңадан қурыў, 53,6 млрд.сумлық 18 мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин, 24 млрд.сумлық жоқары билимлендириў мәкемесин, 5 млрд.сумлық олимпиада резервлери қәнигелестирилген мектеп-интернатын, 41,6 млрд.сумлық 11 медицина мәкемелерин қурыў ҳәм реконструкциялаў илажлары көрилмекте.

«Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» ҳәм «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын толық тәмийинлеў, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде ҳәр бир район ҳәм қалаларда анық есап-санақлар тийкарында үшеўден мәҳәлле және аўылларымызды абат етиў илажлары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, экспорт көлемин ҳәм географиясын кеңейтиў, өнимлердиң диверсификациясына ерисиў, импорт көлемлерин азайтыў бойынша да анық бағдарламалар тийкарында жумыслар алып барылмақта.

2019-жылда өнимлердиң экспортын 48,3 млн.долларға жеткериў, соннан санаат өнимлери – 34,4 млн.доллар, мийўе-овощ – 13,9 млн.доллар муғдарында экспорт режесиниң орынланыўын тәмийинлеў бағдарламалары әмел етпекте.

Республикада әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларынан бундай мысалларды оғада көплеп келтириў мүмкин.

    *   *   *

Ҳәр бир күнимиз жедел пәт пенен өзгерип атырған заманның жаңа тарийх бетлерин жаратпақта. Бул бетлерге болса халқымыздың жайнап ашылған бахты, ең жақты ҳәм таза арзыў мақсетлериниң әмелге асыўы жазылмақта.

Туўылған ата журтымыздың ҳәр бир жетискенлигин ҳеш екиленбестен дүнья жүзине көрсетиў имканияты жаратылмақта.

Жаңа «Дослық» каналы бойларына қайтамыз. Оның еки жағалаўлары бәрқулла жаслар менен толы болады. Канал жағасы бойында жайласқан Қарақалпақстан Жаслар Орайында күн арадан болып атырған ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм илажлар жасларымызға болған итибарды буннан былай да күшейтиў, оларды мәденият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, жасларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, елимиздиң жаслары арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў мәселерине бағышланбақта.

Жаслардың көзинде жанып турған нурлы мақсетлер, умтылыслар Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасына оғада үнлес екенлиги дыққатыңызды тартады. Перзентлердиң бүгинги бахтынан, ертеңги олар ерисетуғын жетискенликлер Өзбекстанымыздың раўажланыўына үлкен үлес болып қосылатуғынына исенимнен кеўлимиз толады. «Бес баслама – бес имканият» сүрени астында өтип атырған ҳәр бир илаж усы пикиримизге айқын мысал бола алады.

Өткерилип атырған илажлардың мәнисине нәзер таслайық:

Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында Президентимиздиң 5 басламасын ғалаба ен жайдырыў, халық, әсиресе жаслардың хабардарлығын арттырыўға бағдарланған 975 илаж ҳәм жойбарлар шөлкемлестирилип, оларға 124 мыңнан аслам жаслар тартылды.

Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен Мойнақ, Беруний районында, Нөкис қаласында «Бес баслама – бес имканият!» сүрени астында акциялар шөлкемлестирилди.

Акция даўамында 5 басламаны ғалаба ен жайдырыў, халықтың хабардарлығын арттырыўға бағдарланған жәми 56 илаж ҳәм жойбарлар шөлкемлестирилип, оған 9 мыңнан аслам жаслар тартылды.

Жаслардың музыка, сүўретлеў өнери, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылықларын арттырыў мақсетинде Әмиўдәрья, Елликқала, Төрткүл, Мойнақ, Қараөзек ҳәм Нөкис районларында «Ўатаным – мениң нәзеримде», «Атам менен Апама саўға» сүренлери астында өткен сүўретшилик таңлаўларында 800 ден аслам оқыўшы-жаслар қатнасты.

Жасларды музыка ҳәм көркем өнер бағдарларына кеңнен тартыў мақсетинде барлық қала ҳәм районларда «Ўатан муқаддес», «The Cover Up», «Баҳру-байт», «ҚҲЗ», «Шығармалар таңлаўы», «Ҳәзирги күн жойбары» темаларында 32 рет үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилип, 3 мыңға шамалас жаслар қамтып алынды.

Жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде барлық район қала(ларда) 274 спорт олимпиада ҳәм олимпиада емес ҳәм миллий спорт түрлери, футбол, волейбол, стол тенниси, шахмат, марафон, таэквандо, көркем гимнастика, миллий гүрес жарыслары және билимлендириў мәкемелери ҳәм мәҳәллелерде азанғы денетәрбия шынығыўлары шөлкемлестирилди. Онда 100 мыңнан аслам жаслар қатнаспақта.

«Жаслар – келешегимиз» қорының район, қала(лық) филиаллары тәрепинен 2019-жылда реализацияланатуғын мәнзилли дизим тийкарында жас исбилерменлердиң 2 млрд. 888 млн. сумлық 12 жойбары қаржыландырылыўы нәтийжесинде Нөкис қаласында, Әмиўдәрья, Кегейли, Қанлыкөл районларында жасалма футбол майданшалары, Фитнес клуб ҳәм тренажёр заллары пайдаланыўға тапсырылыў алдында.

Халық ҳәм жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў мақсетинде Жаслар аўқамы жанындағы «Жаслар орай»ларында 9 «Компьютер билимданлығы ҳәм МКТ программистлери» дөгереги шөлкемлестирилип, оларға 724 жас тартылған.

Дөгерек қатнасыўшылары арасында 12 рет «Алтын бармақ» Typing Chаmpionship – клавиатурада  тез жазыў таңлаўы өткерилип, оған 250 жас қамтып алынды.

Мойнақ, Беруний районлары ҳәм Нөкис қаласында жаслар арасында компьютер технологиялары және интернеттен нәтийжели пайдаланыўды үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Келажак бунёдкори» медалының ийеси Давид Конарбаевтың қатнасыўында «Мәлимлеме технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыў» темасында шеберлик сабақлықлары өткерилмекте.

Жасларға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде барлық қала ҳәм районлардағы «Internet club» ҳәм «Game club»лардың дизими қәлиплестирилип, олардың жумысы кеңнен үйренилмекте.

«Жаслар – келешегимиз» қорының район, қала(лық) филиаллары тәрепинен 2019-жылда реализацияланатуғын мәнзилли дизим тийкарында Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Қоңырат, Елликқала, Мойнақ, Шоманай, Нөкис районларында 744 млн сумлық 13 жойбар тийкарында компьютер хызметлери ҳәм интернет кафелер шөлкемлестирилди.

Жаслардың мәнаўиятын жоқарылаў, китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Әмиўдәрья, Қоңырат, Елликқала, Мойнақ, Шоманай, Нөкис ҳәм басқа да районларда китап ярмаркалары өткерилмекте.

Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жетекшилери «Ана мектебиме китап саўға етемен» сүрени астында өзлери билим алған улыўма билим бериў мектеплерине 2 мыңнан аслам әдебий китаплар саўға етти.

«Жас китапқумар» таңлаўын барлық қала ҳәм районлардағы шөлкемлеспеген жаслар ҳәм оқыўшы, студент-жаслар арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Жас китапқумар» таңлаўының 2018-жылғы жеңимпазлары Нурсулыў Коканова, Шахзада Кәримбаева ҳәм Жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жанында дүзилген «Жас үгит-нәсиятшылар» топары ағзаларының қатнасыўында жәми 38 рет үгит-нәсият дөгерек сәўбетлери өткерилди.

Сондай-ақ, ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде қала ҳәм районларда 18-30 жастағы 10 457 жумыссыз ҳаял-қызлар дизими қәлиплестирилип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде анық илажлар ислеп шығылды.

Жаслар аўқамы жанындағы «Жаслар орай»ларында ҳаял-қызларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәм оларды жумыс пенен тәмийинлеўде жәрдемлесиў мақсетинде «Тигиўшилик», «Аспазлық ҳәм кондитерлик» ҳәм «Парикмахер» дөгереклери шөлкемлестирилген болып олар өз жумысын нәтийжели алып бармақта.

Сондай-ақ, Жаслар аўқамы жәрдеминде Беруний районында 5, Әмиўдәрья районында 17 ҳаял-қыз тигиў цехларына жумысқа орналастырылған.

Ҳаял-қызларды исбилерменлик жумысына тартыў, олардың исбилерменлик бағдары бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде Өзбекстан жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Гаўхар Реджепованың қатнасыўында «Исбилермен ҳаял» темасында семинар-тренинг өткерилип атырғанлығы жақсы нәтийже бермекте.

Мәҳәллелердеги бәнт болмаған жасларды исбилерменликке тартыў мақсетинде «Өзбекстан белгиси» көкирек нышанының ийеси, жас исбилермен Баҳадыр Сапартаевтың қатнасыўында «Исбилерменликтиң сырлары» темасында семинар-тренинглер турақлы шөлкемлестирилмекте.

Ҳаял-қызларды кәсип-өнерге таярлаў мақсетинде улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң питкериўши-қызларының қатнасыўында 16 рет «Бизнес саяхат»лар шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған бундай әҳмийетли илажлар арқалы Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның жаслар тәрепинен көтериңкилик пенен күтип алынғанлығы, бул бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы куўанышлы жағдай.

Бул жасларымыздың турмыста өз орнын табыўына, мақсет ҳәм арзыўларына қарай исенимли қәдем таслаўына, елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың тынышлығы-парахатшылығы, абаданлығына өзлериниң үлесин қоса алатуғын бәркамал инсанлар болып жетилисиўинде оғада әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтемиз.

Ҳәр қыйлы қыйыншылықлар күшейип атырған бүгинги күнде жасларымыздың руўхый иммунитетин күшейтиў, олардың бос ўақтын мазмунлы өткериў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетлирек екенин заманның өзи көрсетип турыпты.

Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққындағы қарарында «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман» деген баслы идея тийкарында илажлар, үгит-нәсият жумысларының алып барылыўы ҳаққында ўазыйпалар белгилеп берилген.

Сол тийкарда усы күнлерде Қарақалпақстанда алып барылып атырған барлық шөлкемлестириўшилик илажлар, әсиресе, соңғы еки жыл даўамында социаллық-экономикалық тараўда ерисилген жетискенликлер, белгиленип атырған кең көлемли ўазыйпаларға қаратылмақта.

Президентимиздиң қарарында атап өтилгениндей, «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Жаслар – келешегимиз», «Бес унамлы баслама» сыяқлы әҳмийетли бағдарлама ҳәм режелердиң шеңберинде алып барылып атырған түпкиликли реформалардың мазмун- мәниси және руўхының жәмлениўине айрықша итибар қаратылмақта.

Ғәрезсизлик байрамы – ең уллы байрам. Еркинлик ҳәм миллеттиң абырайы, азат ҳәм абат турмыс, халқымыздың шүкиршилиги, бүгинги күнниң ҳәр бир минутынан разы болып жасаў, бул байрамның қуўанышлы демлеринде, бахытлы дәўирлеринде қайта-қайта көзге тасланбақта. Усындай имканиятлардың қатнасыўшылары кеўлинен қосықлар атлығып шығады.

Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман,

Азат ҳәм абат дәўирдиң көркидур адам.

 

Ғәрезсизлик заманында, жасарған журтым,

Жас әўладлар арзыўында, бахтыңды көрдим.

 

Жаңаланған өмир ушын алғысым шексиз,

Бабалардың руўхый күши – ақыл-ой теңсиз!

 

Ғәрезсизлик ҳикметдур, ылғаллы қәдем,

Ўатан! Сениң қүдиретиңе бас ийер әлем.

 

Жаңаланған ата журтым, Қарақалпақстан!

Өзбекстан гүл бағында мәңги бол аман.

 

ӨзА