Мәмлекетлик уйымлар хызметкерлериниң формалы бас-кийим кийип жүриў тәртибин оптималластырыў илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар бермекте.
Қарарға муўапық, төмендеги ўазыйпаларды орынлаўда әскерий ҳәм уйымлық формалы бас-кийим кийип жүриў ҳуқықы белгиленди:
салтанатлы формалы бас-кийим рәсмий, байрам, салтанатлы ҳәм халықаралық илажларда, суд мәжилислеринде, ҒХҚ менен ушырасыўлар ҳәм интервьюлерде, сондай-ақ, оқыў шынығыўларында;
дала формалы бас-кийим – оқыў-әмелий шынығыўлар ўақтында, айрықша жағдайларда, әскерий жағдайда, арнаўлы операцияларды өткериўде тек ғана Ишки ислер министрлиги (ИИМ), Мәмлекетлик бажыхана комитети (МБК) ҳәм Әскерий прокуратура хызметкерлери тәрепинен;
арнаўлы формалы бас-кийим – ўазыйпаларын тиккелей хызмет ханаларында әмелге асырыў ўақтында ишки ислер уйымларының, сондай-ақ ИИМ ҳәм МБК ның кинология бөлимлери хызметкерлери тәрепинен;
идентификация санлы металл жетоны, ажыратыў белгилери ҳәм уйымлық белгилер түсирилген арнаўлы жилетлерди – Мәжбүрий орынлаў бюросының мәмлекетлик орынлаўшылары ҳәм инспекторлары тәрепинен хызмет ўазыйпаларын атқарыў процесинде.
Бул тәртип 2020-жылдың 1-январына шекем басқышпа-басқыш енгизиледи.
Мәмлекетлик уйымларда күнделикли формалы бас-кийим кийип жүриў ҳуқықы тек ғана төмендегилер ушын сақланып қалынады:
күнделикли хызмети даўамында тиккелей халық пенен ислесетуғын ишки ислер уйымлары бөлимлериниң хызметкерлери;
хызмет ўазыйпасын тиккелей бажыхана постларында әмелге асыратуғын бажыхана хызмети бөлимлериниң хызметкерлери;
бөлимлердиң тараўы қандай болыўына қарамастан ишки ислер уйымлары ҳәм бажыхана хызметлериниң басшылар қурамы.
ИИМге ғалабалық ҳәм аўыл хожалығы илажларын өткериўде жәмийетлик тәртипти сақлаўда, жол-патруль хызметиниң турақлы постларындағы хызметти атқарыўда арнаўлы форма кийип жүриўге рухсат етиледи.
ИИМ ҳәм МБК жоқары билимлендириў мәкемелериниң курсантлары ҳәм тыңлаўшыларына билимлендириў мәкемесиниң аймағында ҳәр күни дала (камуфляжлы) формалы бас-кийим кийип жүриўге рухсат етиледи.
Буннан тысқары, салық хызметкерлери салық төлеўшилерге хызмет көрсетиў, салық қадағалаўын әмелге асырыў ҳәм салық қарыздарлығын өндириў ўақтында идентификация санлы металл жетонды тағып жүриў қағыйдалары енгизилди және салтанатлы ҳәм күнделикли формалы бас-кийим кийип жүриў тәртиби бийкар етилди.
ӨзА