Анкара қаласында Халықаралық автомобиль тасыўлары мәселелери бойынша өзбек-түрк қоспа комиссиясының мәжилиси болып өтпекте. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Түркияның транспорт ҳәм инфраструктура министрлигинде болып өтип атырған ушырасыўда Өзбекстан Республикасы транспорт министрлиги ўәкиллериниң қатнасыўында мәмлекетлер арасында халықаралық жүк тасыў көлемин көбейтиў, бул бағдарда өз-ара рухсатнамалар бериў тәртибин жетилистириў, жүк тасыўларына байланыслы статистикалық мағлыўматларды өз-ара алмасыў системасын жолға қойыў, мәмлекетлер арасында турақлы автобус жөнелислерин ашыў сыяқлы мәселелер додаланбақта.

ӨзА