Жасыүлкенге ҳүрмет, кишиге иззет көрсетиў халқымызға тән болған ағла пазыйлетлердиң бири болып табылады. Әсиресе, байрам күнлери елимизде кемкеўил инсанлардың ҳалынан хабар ҳәм оларға қолынан келгенинше жәрдем көрсетиў жақсы дәстүрге айланған.
Жаңа жыл байрамы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласында жайласқан «Имкан» реабилитация орайына ийе болған мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм Қарақалпақстан медицина институты клиникасындағы госпитал түриндеги «Меҳирли мектеп» филиалына барып, бул жерде емленип ҳәм тәрбияланып атырған балаларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм олардың тезирек саўалып кетиўине тилеклеслик билдирди.
Илажда балаларға жаңа жыл саўғалары тапсырылып, бул оларды шексиз шадлықларға бөледи.
Соны айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан медицина институты клиникасы қасында «Замин» халықаралық жәмийетлик фонды тәрепинен «Меҳирли мектеп» филиалы ашылған еди.
Бүгинги күни бул жерде ҳәр түрли онкогематологиялық кеселликлер менен наўқасланған, узақ ўақыт даўамында емлениўди ҳәм күтимди талап ететуғын, әпиўайы мектеп ямаса бақшаға барыў имканияты болмаған балалардың емлениў менен бир ўақытта билим алыўына ҳәм тәрбияланыўына барлық шараятлар жаратылған. Онкогематологиялық патологиясы болған балалар ушын қолайлы класс ханаларында, арнаўлы шараятларда оқыў процесси алып барылады. Олар реабилитация процессинен де усы жердиң өзинде ата-аналары қатнасыўында өтеди.
Кеўиллери қуўанышқа бөленген балалар да жаңа 2025-жылдағы арзыў-нийетлерин билдирди.
Буннан соң, байрамға сǝн берип турған шырша әтирапында Аяз ата менен Қар қызы, ҳәр қыйлы ертеклердиң қаҳарманлары қатнасыўындағы сахналастырылған тамашалар жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги