«ССКА» клубы бас директоры Роман Бабаев өзбекстанлы ярым қорғаўшы Аббосбек Файзуллаевтың айлығы көбейгенин айтты.
Мәлим болыўынша, клуб шәртнаманы жаңаламай турып, футболшының айлығын көбейткен.
«Биз Аббостың шәртнамада көрсетилгенине қарамастан, финанслық шараятларды жақсылаўға арзыйды, деп есапладық. Бизиң клубда сондай әдетий әмелият бар: егер кимдур бизге Х айлық пенен келип, өз мийнети менен Y айлыққа арзыйды, деп табылса, шәртнаманы узайтыўды күтип отырмаймыз. Сол себепли биз Файзуллаевтың шәртнамасын созбастан бурын да оның айлығын көбейттик», дейди Роман Бабаян.
Қарақалпақстан хабар агентлиги