Балалар бизиң келешегимиз, ертеңги күнимиздиң ийеси, ийгиликли ислеримиздиң даўамшылары. Оларға қанша итибар қаратсақ, меҳир көрсетсек те арзыйды. Оларға ғамқорлық көрсетиў болса, кеңпейил ҳәм мийримли халқымыздың ағла пазыйлетлеринен саналады.
Әсиресе, жаңа жыл алдында балаларымыз жасыүлкен әўлад ўәкиллеринен байрам саўғаларын күтеди.
Байрам мүнәсибети менен республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы , Тахтакөпир районлық Мәденият орайында салтанатлы илаж шөлкемлестирилди.
Өткерилген илажға район ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы А.Давлетов ҳәм сектор басшылары қатнасып, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Илаж даўамында район аймағындағы социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың балаларына Президент саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Өз гезегинде көрсетилип атырған бундай жоқары итибар ҳәм ғамқорлық ушын Президентимизге ҳәм республикамыз басшыларына өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы