Нызам жойбарына түсиник

Мәмлекетимизде жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз шараятларды жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Буннан былай жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған жаңа нызам қабыл етилиў алдында. Парламент төменги палатасында көрип шығылып атырған бул бағардағы нызам жойбары менен тротуарлар, пияда ҳәм велосипде жоллары ҳәм оларға тутас аймақларда қурылған жасыл майданларда автотранспорт қуралларын жөргизиўдиң алдын алыўға қаратылған нормалар белгиленбекте.  Буннан арнаўлы автотранспорт қуралларынан тысқары.

Сондай-ақ, халық тәрепинен жол ҳәрекети қатнасыўшыларының ҳәрекетине тосқынлық ететуғын нызамсыз тосықларды ҳәм басқа қурылмалардыорнатыў жағдайларына шек қойыў ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылмақта.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Гулшана Худоёрова жойбардағы нормалар бойынша толық мағлыўмат берди.

Муҳтарама Комилова,  

Дониёр Ёқубов, Анвар Аҳмедов (видео),  ӨзА