Әзербайжанда 26-декабрь күни матам күни деп жәрияланды
232

Әзербайжан президенти Илҳам Әлиев 26-декабрь күни Ақтаўдағы авиа апатшылық мүнәсибети менен мәмлекетте матам жәриялаў ҳаққындағы пәрманға қол қойды, деп хабар бермекте “AзерТАЖ” агентлиги.
«Әзербайжан Президентиниң пәрманы менен 26-декабрт республикада матам күни деп жәрияланды», – делинеди хабарда.
Еслетип өтемиз, 25-декабрь күни азанда Қазақстан батысындағы Ақтаў қаласының жақынында Әзербайжан Ҳаўа Жолларының Баку – Грозный бағдары бойынша пәрўаз етип атырған самолёты аварияға ушырады. Самолёт бортында 63 жолаўшы ҳәм бес экипаж ағзасы болған. Әзербайжан Бас прокуратурасына бола, 32 адам тири қалған. Бул жуўмақлаўшы сан емес екени атап өтилген.
Г.Сатторова, ӨзА