Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында ҒМДА мәмлекетлери басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасты.
Илажда Россия Президенти Владимир Путин, Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.
Ушырасыўда 2024-жылдағы биргеликте алып барылған жумыслардың тийкарғы жуўмақлары есапланды ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң кейинги жылға мөлшерленген әҳмийетли ўазыйпалары көрип шығылды.
Регион ишинде саўда ҳәм кооперацияны, ең алды менен, өз-ара саўдадағы тосықларды сапластырыў арқалы кеңейтиў бойынша биргеликтеги илажларды ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
Көп тәреплеме бирге ислесиўди жаңа бағдарларда раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты. Инженерлик мектеплерин шөлкемлестириў, интернет технологиялары, үлкен мағлыўматлар индустриясы, креатив экономика, “жасыл” энергетика ҳәм тыныш атом тараўын раўажландырыў, санлы шешимлерди енгизиў усылар қатарында.
Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе ҳәм улыўма қәўип қәтерлерге қарсы гүресте ҒМДА шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әҳмийетли мәселелер де додаланды.
ӨзА