Соңғы жыллары елимизде көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берип, аўыл ҳәм қалаларымыз заманагөй түске енбекте. Республикамыз аймағындағы көше-қыябанлардың абадан ҳәм көркем болыўында Абаданластырыў басқарамасы хызметкерлериниң атқарып атырған хызметлери айрықша болып табылады. Күнниң ыссысын ыссы, суўығын суўық деместен пидайылық пенен мийнет етип атырған оларға қанша ҳүрмет көрсетсең арзыйды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласы орайында орнатылған Жаңа жыл шыршасы жанында Абаданластырыў басқармасы хызметкерлерин кирип киятырған байрам мүнәсибети менен қутықлады ҳәм машақатлы мийнетлери ушын миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен соңғы жыллары елимизде алып барылып атырған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларында тараў пидайыларының мийнетлери айрықша ҳәм баҳалы есапланады.

Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген жоқары итибары менен өткен қысқа ўақыт ишинде «Абат шаңарақ – абат кѳше – абат мәҳәлле» принципи тийкарында шараяты аўыр пуқаралар жыйынларында қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды, топырақ жолларға қум-щебень араласпасы төселди, қала ҳәм районларымызда жәми 21 мыңнан аслам турақ-жайларда қурылыс-оңлаў жумыслары даўам еттирилмекте.

Әлбетте, усы жумысларды орынлаўда Абаданластырыў хызметкерлери пидайылық пенен минсиз хызмет атқарды. Олардың бул ийгиликли жумыслардағы салмақлы хызмети бәрҳама ҳүрмет ҳәм итибарға ылайық.

Өткерилген илажда Нөкис қаласы тазалығын сақлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўдағы белсендилиги Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев тәрепинен ҳүрмет пенен тилге алынып, тараў хызметкерлерине байрам саўғаларын тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги