Какао 2024-жылы тийкарғы шийки зат өнимлери арасында ең дәраматлы өнимге айланды. Бул өнимниң баҳасы ҳәттеки Bitcoin ҳәм АҚШ фонд биржасын артта қалдырды, деп хабар берди MarketWatch қаржы басылымы.

Март айында какаоның 1 тоннасының баҳасы 11 954 долларға жетти. Яғный өнимниң баҳасы жыл басына салыстырғанда дерлик 185 процентке өсти. Салыстырыў ушын: биткоин 128 процент, S&P 500 индекси 25 процентке қымбатлаған.

Басылымның жазыўынша, какао баҳасы өсиўден тоқтаўына үмит етпесек те болады. Себеби, 2023-2024-аўыл хожалығы жылында соңғы 60 жылдағы ең аўыр дағдарыс бақланды.

Аз өнимдарлықтың тийкарғы себепшиси – Батыс Африкадағы қолайсыз ҳаўа-райы шараяты. Океанлар оғада ысып кетип, онысыз да еки жылдан берли климат өзгерислеринен жәбир көрип атырған какао тереклерине және де унамсыз тәсир көрсетти.

Кот-д’Ивуар дүньядағы какаоның 35 процентин, пүткил Батыс Африка 70 процентин жеткерип береди.

Октябрь айында Батыс Африканың айырым аймақларында ҳүким сүрген ығал ҳаўа какао тереклерине зыян жеткерди. Жақында жүз берген гарматан қурғақ шаңлы самалы да бәҳәрде жыйнап алынатуғын өнимге қәўип салмақта.

Соған қарамастан, базарда өнимге талап жоқары ҳәм баҳалардың жоқары көтерилиўи даўам етип атыр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги