Өзбекстан ИИМ Жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғаны сәўлеленген видеожазыўларды қабыл етиў ушын арнаўлы сайтты – http://dyhxx.ejarima.uz/ иске түсирди. Видеожазыўды жоллаған шахс қағыйданы бузған тәрептен өндирилген жәрийма есабынан ең кем мийнет ҳақының 5 проценти муғдарындағы (ҳәзирги ўақытта бул сумма 10,1 мың сумға тең) сыйлыққа ийе болыўы мүмкин.

Видеожазыўларды қабыллаў ҳәм оларды жоллаған шахсларды хошаметлеў тәртиплери Өзбекстан ҳүкиметиниң өткен жыл сентябрьдеги қарары менен тастыйықланған еди.

1-июльдан баслап физикалық ҳәм юридикалық шахслар автомобильлериндеги видеорегистраторлар жазып алған жазыўлар Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске муўапық процессуал қарар қабыл етиў мақсетлеринде көрип шығыўға қабыл етиледи.

Даўамлылығы 120 секундтан артық болмаған, тек ғана видеорегистраторлардан (смартфонлардан емес) жазып алынған видеожазыўлар қағыйда бузыўшылық жазып алынған сәнеден үш күннен кеш болмаған мүддетте жиберилиўи керек.

Видеода әмелге асырылған қағыйда бузыўшылық, транспорт қуралының маркасы ҳәм мәмлекетлик белгиси, қағыйда бузыўшылық әмелге асырылған сәне ҳәм ўақыт көринетуғын және анық ажыралып турыўы керек.

Тоқтап турыў қағыйдалары жазып алынған видеоларды көрип шығыў ушын еки видеофайл жиберилиўи керек (екинши видео бириншисинен ең кеминде 10 минут кейин түсирилген болыўы керек).

Видеожазыўларға өзгерислер киргизиў пүткиллей қадаған етиледи. Өзгертилген жазыўлар көрип шығылмайды (жазыўдың даўамлылығын қысқартып, қағыйда бузыўшылық жағдайы жазып алынған бөлимин кесип алыў буған кирмейди).

Видеожазыў үш күн даўамында ЖҲҚББ административлик инспекторлары тәрепинен көрип шығылыўы керек. Егер де қағыйда бузыўшылық бойынша қарар қабыл етилген ямаса ҳәкимшилик ис ашылған болса, жаңадан ис ашылмайды. Арза бериўшиге жуўап 15 күн ишинде жиберилиўи керек.

Қағыйданы бузғаны ҳаққындағы видеожазыўды жоллаған шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды әшкар етиў қадаған етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.