Қарақалпақстан Республикасы пиллекешлери усы жыл I-II мәўсим бойынша мәмлекетлик пилле жетистириў реже-тапсырмасын артығы менен, яғный 102,5 процентке орынлады, деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети.

Режеде 590 тонна белгиленген еди, әмелде болса 605 тонна жетистирилди.

«Қарақалпақстан Агро-пилле» ЖШЖның берген мағлыўматына қарағанда Қарақалпақстан Республикасында өткен жылы 11 (Төртүл, Элликқала, Беруний, Әмудәрья, Хожели, Тақыятас, Шоманай, Қанлыкөл, Нөкис, Кегейли ҳәм Шымбай) районда жылдың үш мәўсиминде пилле жетистирилген  болса усы жылы жылдың төрт мәўсиминде де пилле жетистириў режелестирилмекте.

Мағлыыўмат ушын айтып өтиў керек, өткен 2018-жыл бәҳәрги мәўсимде Республика пиллекешлери 550,2 тонна пиле тапсырған  еди.

ӨзА