Жақыннан берли Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде айрықша жәрдемге мүтәж, майыплығы бар балалардың, сондай-ақ, қәнигелердиң қатнасында арнаўлы түрдеги ашық сабақлар өтиў, ушырасыўлар шөлкемлестириў дәстүрге айланбақта.

Студентлер тәрепинен усындай илажлар барысында айрықша жәрдемге мүтәж, майыплығы бар балаларды жәмийетте, шаңарақта, мәҳәлледе қоллап-қуўатлаў, оларды турмысқа бейимлестириў мәселелери кең түрде үйрениледи.

Бүгин усы факультеттиң дефектология бағдарының 2-курс студентлери М.Мнажова ҳәм Д.Мадреймовалар тәрепинен инклюзив тәлим пәни бойынша ашық сабақ өткерилди.

– Ашық сабақтың тийкарғы мақсети – айрықша жәрдемге мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетке бейимлестириў болып есапланады,-дейди пән муғаллими Феруза Саламова. –  Өткерилип атырған усындай ашық сабақлар  қәнигелер тәрепинен бақлап барылмақта.

Ашық сабақларда студентлердиң билимлерин беккемлеўге хызмет ететуғын сораў-жуўаплар болады. Сабақларда тийкарынан  интерактив методлардан пайдаланылады. Ашық сабақлар пән муғаллимлери ҳәм факультет деканы, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент У.Сейтжанованың қатнасында тез-тезден өткерилип турады.

Соның менен бирге, ашық сабақта ҳәр қыйлы мәўсим көринислери арқалы қызықлы ойын формасында сораў-жуўаплар өткерилди. Қатнасыўшы студентлер қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.