Ҳүкиметлик бийлик тийкарында Бас министрдиң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының аймақлық бөлими баслықлары ўазыйпасын атқарыўшылар тайынланды.

Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими баслығы етип Ринат Бахытович Айтмуратов тайынланды.

Еслетип өтемиз, Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары бойынша Президент пәрманы усы жылдың 14-май күни қабыл етилген еди.

Исбилерменлерди және сырт елли инвесторларды қабыллаў, видеоконференцбайланыс жәрдеминде ҳәм көшпели қабыллаўларды өткериў қабыллаўханалар жумысларының тийкарғы хызметлеринен бири болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.