Усы жылдың 22-май күни қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, 1996-жыл 29-августтағы «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 41-статьясына қосымша ҳәм өзгерис киргизилди.

Оған муўапық, «Медициналық мағлыўматқа ийе болмаған шахслар да Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсетиў жумысларын лицензиялаў бойынша арнаўлы комиссияның жуўмағы тийкарында халық медицинасы усылларынан пайдалана отырып медициналық хызмет пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе болады», – деп белгилеп қойылды.

Көпшиликке белгили, алдынлары тәўиплер дизимнен өтпестен жумыс алып барған. Сол себепли, олар ислеп тапқан пуллардан мәмлекетке салық та төленбеген. Буннан былай олар юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткеннен соң ғана жумыс алып барыўы белгиленбекте.

Сондай-ақ, Президент қарарына муўапық, буннан былай халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсететуғын шахслар өз хызметлериниң нәтийжелери бойынша медицина хызметкерлери ушын нызамларда нәзерде тутылған көлемде жуўапкер болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.