Алма-ата, 24-май. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Абдужалол ТАЙПАТОВ хабар береди.

 22-24-май күнлери Қазақстанның Алма-ата қаласында ХVI Евразия медиа форумы  болып өтти. Онда онлаған мәмлекетлерден журналистлер, ғалаба хабар қуралларының басшылары менен бирге сиясаттаныўшылар, дипломатлар, жәмийетлик ғайраткерлер, халықаралық медиа экспертлер қатнасты.

Форумның ашылыўында Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Россия Федерациясы Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенконың форум қатнасыўшыларына қутлықлаўы оқып берилди. Армения Республикасының Президенти Армен Саркисян ҳәм Алма-ата қаласының ҳәкими Байиржан Байбек қатнасыўшыларды қутлықлады.

15 жылдан берли дәстүрий тәризде өткерилип киятырған форум өз-ара еркин пикирлесиў форматында шөлкемлестирилди.

photo5418365286064695908.jpg

Халықаралық медиа экспертлериниң әҳмийетли заманагөй темалардағы шеберлик сабақлары өткерилди, дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилди.

Форумның мәжилислери пүткил дүнья жүзи жәмийетшилигин қызықтырып атырған – «Глобалласыў: дүнья раўажланыўының жаңа модельлерин излемекте», «Тутыныў кризиси», «Исеним кризиси». Күшлердиң бөлиниўи», «Блогерлер: виртуал дүньяның жаңа рок-жулдызлары» сыяқлы рәңбәрең темаларға бағышланды.

Түрли мәмлекетлерден келген белгили журналистлер, сиясатшылар, қәнигелер – мәжилис спикерлери дүнья жүзи халқын тәшўишке салып атырған машқалалар ҳаққында пикир-талас жүргизди.

Қатнасыўшылар ҳәм мийманлар ушын мәдений дем алыў илажлары да шөлкемлестирилди. Жыл даўамында форум шеңберинде өткерилген таңлаўлардың жеңимпазлары жәрияланды.

ӨзА