Өткен шемби күни барлық  мектеплерде «Мениң мектебим-мениң үйим» сүрени астында «Соңғы қоңыраў» илажы болып өтти. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинен алынған мағлыўмат бойынша быйылғы жылы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класын 14 мыңнан аслам жас питкерип, үлкен өмирге жоллама алмақта.

Усындай илаж Нөкис қаласындағы 37-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлескенлик жағдайында өткерилди. Мектеп жанындағы байрамдағыдай безелген майданшаға питкериўшилер, олардың устазлары менен ата-аналары, мийманлар жыйналған.

Илажда мектеп директоры М.Досназаров, Өзбекстан Республикасы халқ муғаллими, II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордениниң ийеси А.Тәжимуратова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириўиниң ағласы С.Юлдашева, ата-аналар атынан Ж.Таңирбергенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздиң басшысы тәрепинен билимлендириў тараўын реформалаў, жасларымызға мүнәсип тәлим-тәрбия бериў, оларды қәдириятларымызға ҳүрмет, миллий үрп-әдетлеримизге садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Ана мектеби менен хошласыў алдында турған питкериўшилерге табыслар тиледи.

7.JPG

Қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде бүгинги күни 2366 оқыўшы билим алып атырған болса, соннан 71 оқыўшы 11-классты питкерип, өмирге жоллама алды. Қәбилетли оқыўшылардан Ерназар Айтеков ҳәм Динмухаммед Турдымуратов Ташкент қаласындағы Инха университетиниң, Әзизбек Бердиев болса Санкт-Петербург технология университетиниң мүддетинен алдын студенти болыўға еристи.

8.JPG

9.JPG

Мектеп оқыўшылары республикалық, сондай-ақ, елимиз көлеминде өткерилип киятырған пән олимпиадаларына, таңлаўларға ҳәм спорт жарысларына белсене қатнасып, жеңимпазлар қатарынан орын алып келмекте. Олардан Малика Казиева физика пәни бойынша халықаралық инновациялық олимпиадада, Дилноза Турғанбаева академиялық ескек есиў бойынша, Бийбиханым Хуррамова каратэ бойынша, Сарбиназ Салиева көркем гимнастика бойынша Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионатларында сыйлы орынларды алыўға миясар болды. Бундай қәбилетли оқыўшылар көпшиликти қурайды.

-Президентимиздиң басламасы менен улыўма орта билим бериў тараўына 11 жыллық системаның енгизилиўи биз жаслар ушын әжайып саўға болды,-дейди мектеп питкериўшилеринен бири Диана Жиенбаева.-Усы жыллары даўамында бизге тәлим-тәрбия берген муғаллимлеримизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз. Келешекте оқыўымызды жоқары оқыў орынларында даўам еттирип, әдиўли устазларымыз бенен ата-анамыздың исеним ақлаўға ҳәрекет етемиз.

10.JPG

12.JPG

Илаж соңында пән олимпиадаларында, таңлаўларда жоқары орынларды ийелеген, өзиниң үлгили минез-қулқы менен басқаларға өрнек болған оқыўшыларға Ҳүрмет жарлықлары, олардың ата-аналарына Миннетдаршылық хаты тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.