Нөкис қаласы ҳәм Қонырат районы Мәмлекетлик хызметлер орайлары базасында бир қатар мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң комплексли системасын тәжирийбе тәризинде иске түсириў режелестирилген.

Инновациялар ҳәм басқарыў шешимлери лабораториясында Қарақалпақстан Республикасындағы Мәмлекетлик хызметлери орайларында операциялық ҳәм функционаллық процесслерди оптималластырыўды есапқа алған ҳалда мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесслерин трансформациялаў нәтийжелериниң презентациясы болып өтти. Бул ҳаққында Инновациялық раўажланыў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районлары Мәмлекетлик хызметлер орайлары базасында бир қатар мәмлекетлик хызметлерди көрстетиўдиң комплекли системасын тәжирийбе сыпатында иске түсириў режелестирилген.

Перзент туўылыўы ата-ана ушын ең бахытлы ўақыя. Бирақ нәрестеге туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықты рәсмийлестириў, бир мәртелик социаллық төлемди алыў ҳәм поликлиника дизиминен өткериў ушын гезекте турыў, түрли ҳүжжетлерди толтырыўға туўра келеди. ПҲАЖ, Пенсия қоры, поликлиника – булардың ҳәммесинен зәрүр ҳүжжетлерди алыў ушын бир неше күн кетеди.

Мине усы хызметлер аңсат және қыйыншылықсыз әмелге асырылыўының болса имканияты бар. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги БМШ раўажланыў бағдарламасының «Нәтийжели мәмлекетлик басқарыўды ҳәм санлы трансформацияны раўажландырыўға жәрдемлесиў» жойбары менен биргеликте баланың туўылыўына байланыслы бир неше мәмлекетлик хызметлердиң административлик жумыс тәртиби жойбарын ислеп шықты.

Жаңа хызмет төмендегише көрсетиледи: ең дәслеп медициналық мәкеме (туўыў үйи, емлеўхананың туўыў бөлими) тийисли анкетаны толтырыў ҳәм электрон медициналық мағлыўматнаманы бериў ушын электрон тәризде ата-ана ҳәм бала ҳаққында мағлыўмат таярлайды. Кейин ала бул мағлыўматлар электрон жол менен мәмлекетлик хызметлер орайына жибериледи. Бул жерде арза бериўшиниң сораўына бола тек ғана туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықты емес, ал бир мәртелик социаллық напақаны ҳәм нәрестени поликлиникаға дизимге қойыўға менен байланыслы мәселелерди де шешиў мүмкин болады.

Сораў алынғаннан кейин мәмлекетлик хызметлер орайлары мағлыўматларды тезлик пенен ПҲАЖ ҳәм Пенсия қорына жибереди. ПҲАЖ баланың туўылғанлығын белгилейди ҳәм мәмлекетлик хызметлери орайына туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықты усынады, Пенсия қоры болса бир мәртелик социаллық напақаны белгилейди. Барлық мағлыўматлар алынғаннан соң бир жумыс күни даўамында ата-ананың арзада көрсетилген банк есабына қаржы өткереди. Тап усы тәризде поликлиникалар да электрон тәризде зәрүр мағлыўматларды алып, баланың саламатлығын қадағалаўға алады.

Сондай-ақ, Нөкис қаласының экспериментальлық деп аталатуғын мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм Қоңырат районының мәмлекетлик хызметлер орайлары жасқа байланыслы мәмлекетлик пенсияны рәсмийлестириў бойынша да хызметлер  көрсетеди.

Ҳәзирги ўақытта пенсияға шығыў процеси мәкемеден-мәкемеге жуўырыў қағазпазлықтан ибарат екенлигин көпшилик атап өтеди. Болажақ пенсионерлер мәкемеме-мәкеме жүрип, архивлерде гезекте турып, мийнет стажын тастыйықлаўшы ҳәр қыйлы мағлыўматларды жыйнап, бул процесске бир неше ай алдын таярланады.

«Бирлескен» хызметлер тек ғана бир ҳүжжетти толтырып, түрли уйымлардың хызметлерин бир орыннан алыў имканиятын беретуғыны тәбийғый.

Бүгинги күнде мәмлекетлик хызметлер орайларында 70 тен аслам хызметлерди алыў мүмкин ҳәм ўәлаят орайларындағы экспериментальлық орайларда болса 100 ден аслам хызметлер көрсетилетуғынын атап өтиў зәрүр.

 

ӨзА