Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгиленген ўазыйпалардың талапларынан келип шыққан ҳалда сайлаў нызамшылығы ҳәм сайлаў әмелиятын жетилистириў бойынша Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мирза-Улуғбек Абдусаломовтың басшылығында жумысшы топар дүзилди. Оның қурамынан Орайлық сайлаў комиссиясы, Олий Мажлис палаталары, Әдиллик министрлиги, сиясий партиялар ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, илимпазлар ҳәм экспертлер орын алды.

Усы Жумысшы топар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң дәслепки жойбары ислеп шығылды. Таярланған Сайлаў кодекси жойбарының кең жәмийетшилик арасында додаланыўы ҳәм жойбардың экспертизасы төмендеги бес бағдарда әмелге асырылды.

Биринши бағдар – интернет яғный социаллық тармақларда Кодекстиң жойбары бойынша жәмийетлик додалаў шөлкемлестирилди. Усы мақсетте Сайлаў кодексиниң жойбары Өзбекстан Республикасының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында (www.regulation.gov.uz) жәмийетлик додалаўға қойылды және Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтына (www.elections.uz) өзбек ҳәм рус тиллеринде жайластырылды.

Екинши бағдар – жойбар пуқаралық жәмийети институтлары экспертлериниң жәмийетлик экспертизасынан өткерилди. Сайлаў кодекси жойбарының мазмун-мәниси район ҳәм қалалардағы мәҳәллелер, мийнет жәмәәтлери және оқыў мәкемелеринде кең жәмийетшилик қатнасында қызғын додаланды. Бунда әсиресе, сиясий партиялар ҳәм оның парламенттеги фракциялары белсендилик көрсетти. Олардан түскен көплеген пикир-усыныслар жойбарды жетилистириўде есапқа алынды.

Үшинши бағдар – Кодекстиң жойбары бойынша илимий экспертиза әмелге асырылды. Усы жерде жойбар бойынша келип түскен пикир-усыныслар тийисли Жумысшы топар және Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институтының қәнигелери тәрепинен избе-из үйренип шығылғанын айрықша атап өтиў керек.

Төртинши бағдар – Кодекстиң жойбары бойынша тиккелей әмелиятшылардың пикир-усыныслары алынды. Яғный жойбар ўәлаятлық, районлық  ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары басшылары және ағзалары, сондай-ақ, халық депутатлары жергиликли  Кеңеслердиң депутатлары ҳәм қәнигелериниң қатнасыўында ҳәр тәреплеме додаланды.

Бесинши бағдар – Кодекстиң жойбары халықаралық шөлкемлерге еркин халықаралық экспертиза ушын усынылды. Бул бағдарда Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ДИИҲБ)ның усыныслары, сондай-ақ, Европа кеңесиниң Венеция комиссиясы, Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы (ҒМДА) Атқарыў комитетинен тийисли жуўмақлар және пикирлер алынды.

Мысалы, 2018-жылдың гүзинде елимизге келген Венеция комиссиясының экспертлери Өзбекстанда сайлаў кодексиниң жойбары таярланып атырғанын ҳәм кейинги сайлаўларда сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими әмел етиўи енгизилгенин унамлы баҳалады.

Бул бийкарға емес. Бүгинги күнде Президентимиздиң «Сайлаў процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин қәлиплестириў ҳәм оннан пайдаланыў системасын жетилистириў илажлары» режеси тийкарында избе-из алып барылмақта. Усы мәниде, алдымызда турған сайлаўлар тек ғана нызамшылық көзқарасынан емес ал техникалық-технологиялық жақтан да пүткиллей жаңаша форматта болып өтеди.

XXI әсир – заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары әсири болып табылады. Елимиздиң сайлаў әмелиятына заманагөй мәлимлеме-технологиялар барған сайын кеңнен кирип барып, жылдан-жылға сайлаўшылардың сайлаў процесине болған талапшаңлығы артып атырғаны, сондай-ақ, сайлаўға жәмийетшиликтиң исенимин буннан былай да арттырыўдың актуаллығы көзқарасынан алғанда да, Президентимиздиң бул бағдардағы басламалары халықаралық экспертлердиң итибарына сазаўар болып атырғаны тосыннан емес.

Солай етип, кең көлемли додалаўлар ўақтында сайлаў кодекси жойбары бойынша жәми 400 ден аслам пикир-усыныслар келип түсти. бул пикир-усыныслар дыққат пенен үйренилди, улыўмаластырылды ҳәм Кодекстиң жойбарында итибарға алынды.

Билдирилген ең әҳмийетли усыныслар даўыс бериўди шөлкемлестириў ҳәм өткериў процесслери, жергиликли кеңеслерге сайлаўлардың өзгешеликлери, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссияларының жумысы, талабанлар ҳәм олардың исенимли ўәкиллерин дизимге алыў, олардың ҳуқықый статусы, бақлаўшылардың, сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллериниң, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң ҳуқықлары менен миннетлемелери ҳаққында болды.

2018-жылдың 16-17-ноябрь күнлери Бухара қаласында миллий және халықаралық шөлкемлер менен биргеликте Сайлаў кодекси жойбарының сырт ел экспертлериниң қатнасыўында додаланыўына бағышлап халықаралық конференция өткерилди. Бул бағдарда бир қатар әмелий әнжуманлар да шөлкемлестирилди. Өткерилген илажлар ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилди.

Акмал САИДОВ,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы

Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес

шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзи-өзи басқарыў уйымлары

 комитетиниң баслығы

«Халқ сўзи»  газетасы

2019-жыл 16-февраль №33 (7263)