Теңиздиң қурыған аймақларында тоғайзарлықларды пайда етип, жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлар қызғын даўам етпекте.

Райондағы оператив штаб тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, 18-февраль күни өткерилген илажларға, атап айтқанда, таярланған туқымларды қалталарға жайластырыў, егислик орынларды таярлаў, егиў ҳәм басқа да жумысларға, жәми 1560 адам қатнасқан. Бул жумысларға, жәми 462 техника  ҳәм 2 самолёт тартылған.

Өзгермели ҳаўа райының қыйыншылықларына қарамастан сексеўил егиў ушын, жәми 917,2 мың гектар жер майданы таярланды ҳәм реже артығы менен орынланбақта. Соның 362,4 мың гектарына сексеўил туқымы егилди.

Атап айтқанда, АН-2 самолёты жәрдеминде 265,9 мың гектар майданға сексеўил туқымы сеўип егилген болса, трактор жәрдеминде 96,5 мың гектар жерге сексеўил егилген.

Бүгинги күнге шекем 1321 тоннадан аслам сексеўил туқымы жыйналған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.