11-февральға өтетуғын түнде бир топар белсендилер Бишкектиң ҳәр қыйлы мүйешлериндеги қаржы мәкемелериниң алдына трафарет пенен «Тойго кредит алба!» («Тойға кредит алма!») сөзлерин жазып кетти. Көплеген жазыўлар банклерге кирер аўызда пайда болды, деп хабар етеди акция қатнасыўшылары.

Белсендилердиң пикиринше, адамлар ақшаны жумсап билмейди. «Ҳәр қыйлы илажларды өткериў ушын кредит алмақта. Адамлар исбилерменлик ушын емес, ал той өткериў ушын кредит алады. Кейин болса қарызға батып қалады, соннан кейин жаслар биргеликте мазмунлы турмыс кешириў орнына кредиттен қутылыў ушын ақша табыў мақсетинде сырт елге кетиўге мәжбүр болады», деп айтпақта белсендилер. Идея авторларының атап өтиўинше, олардың ис-ҳәрекетлери банклер жумысына тосқынлық етиўге қаратылмаған.

Қырғызстанда тойлар көплеген мийманлардың қатнасыўында болып өтеди, сонлықтан көбинесе жас ерли-зайыплар, олардың ата-аналары кредит алыўға мәжбүр болады. Ҳүкимет ҳәм парламент бундай жағдайлардан қәўетерге түсип қалды ҳәм салтанатлар өткерилиўин шеклеўлер бойынша жийи-жийи мүрәжатлар менен шығып турады.

2018-жылы Мәденият, информация ҳәм туризм министрлиги тойлардың ең жақсы сценарийи бойынша таңлаў жәриялады. Таңлаўдан гөзленген мақсет салтанатларды дүнья тәжирийбеси тийкарында өткериў, қәрежетлердиң ҳәдден тыс көбейип кетиўге тосқынлық етиў, мәресимлерди өткериўде жаңаша мәдениятты енгизиўден ибарат еди.

ӨзА