Уллы Британия бас министри Тереза Мэй парламенттен Европа Аўқамы менен келисим дүзиўге ерисиўи ушын ўақыт сорады. Associated Press хабарына бола, төменги палатаның хаткери Жеймс Брокеншир нызам шығарыўшы уйым 27-февральға жетпей мәмлекеттиң Европа аўқамынан шығыўына байланыслы қарар қабыл етеди.
Еслетип өтемиз, 29-март күни Уллы Британия Европа аўқамынан шығады, буған шекем өз-ара келисим бойынша келисимге ерисилиўи зәрүр, бирақ ҳәзирги ўақытта бул бойынша белгили бир қарама-қарсылықлар бар.
ӨзА