Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының 2019-жыл 2-февральдағы арнаўлы тапсырмасына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Қ.Қуронбаев ҳәм Президент Админстрациясының жуўаплы хызметкерлеринен ибарат жумысшы топар республикамызға келген еди.

Олар кең жәмийетшилик арасында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжатының мазмун-мәнисин түсиндириў, жаслар тәрбиясына жуўапкер болған басшылардың жумысларына жәрдемлесиў ҳәм жаслар менен тиккелей байланыс жасап, сәўбетлесиў илажларын әмелге асырмақта.

Усындай ушырасыўлардың бири пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда  болып өтти.

Онда Нөкис қаласындағы барлық министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлердеги Жаслар аўқамы басланғыш шөлкемлериниң жетекшилери қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының  жуўаплы хызметкери А.Муртазаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Жаслар аўқамының усы күнге шекемги жетискенликлери, алдағы режелери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Жаслар аўқамының басланғыш шөлкемлериниң саны жылдан-жылға артып бармақта. Оған сәйкес әмелге асырылатуғын жойбарлардың көлеми де кеңеймекте. Жаслардың машқалаларын орынларда үйрениў, оларды бир мақсетте жәмлеў мақсетинде барлық мәкеме ҳәм шөлкемлерде Жаслар аўқамының басланғыш шөлкемлерин дүзиў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларының бири болып есапланады.

Ушырасыўда аўқамның усы жылда әмелге асыратуғын илажлары туўралы мағлыўматлар берилип, мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилди ҳәм айырым мәкеме ҳәм шөлкемлерде Жаслар аўқамының басланғыш шөлкемлерин дүзиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, жаңадан 7 басланғыш шөлкем дүзилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.