Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жумысында қәлиплескен жаңа дәстүрге муўапық, 2019-жыл 5-февраль күни гезектеги «Ҳүкимет сааты» өткерилди.

Төменги палатадағы депутатлар бирлеспелериниң усынысына бола, «Ҳүкимет сааты»нда көрип шығыў ушын «Еркин экономикалық зоналар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы шеңберинде еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарында бизнес субъектлерин жайластырыў, оларға жеңилликлер ҳәм преференциялар бериўди шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый жақтан тәртипке салыў ҳаққындағы мәселе киргизилди.

Бул мәселе бойынша депутатлардың сораўларына Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзоқов толық жуўап берди.

Атап өтилгениндей, кейинги ўақытларда елимизде еркин экономикалық зоналарды шөлкемлестириў, олардың жумысын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәселен, елимизде 2008-2016-жыллар даўамында тек ғана 3 еркин экономикалық зона шөлкемлестирилген болса, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң тийисли пәрман ҳәм қарарлары тийкарында кейинги қысқа ўақыт ишинде олардың саны 21 ге жеткерилди. Бүгинги күнде республика бойынша 10 еркин өндирислик зона, 8 фармацевтика, 1 туризм, балық хожалығы және агросанаат тараўын раўажландырыў бағдарындағы еркин экономикалық зоналар жумыс алып бармақта.

Министрдиң мәлимлемесинде атап өтилгениндей, еркин экономикалық зоналарда улыўма нырқы 3660,5  миллион долларға тең (олардан тиккелей сырт ел инвестициясы 1544 миллион доллар) 629 жойбар мақулланған. Бул жойбарлардың 158и турмысқа енгизилген, 431и әмелге асырылмақта, және 40ы болса перспективалы жойбар болып табылады. Атап айтқанда, өткен ўақыт ишинде админстративлик кеңеслер тәрепинен мақулланған улыўма нырқы 1045,5 миллион долларға тең 158 жойбар әмелге асырылған ҳәм соның нәтийжесинде 9746 жаңа жумыс орны жаратылған. Быйылғы жылдың 1-январь ҳалатына бола, жумысты баслаған кәрханалар тәрепинен жәми 4,9 триллион сумлық өндирис көлемине ерисилди ҳәм 197 түрдеги санаат өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылды.

Жойбарлар шеңберинде тек ғана ишки емес, ал сыртқы базарда да өтимли болған жеңил санаат, химия, азық-аўқат өнимлери, электр техникасы буйымлары, заманагөй қурылыс материаллары, мебель ҳәм басқа да таяр өнимлер ислеп шығарылмақта. Кәрханалар тәрепинен жәми 194 миллион долларлық өним экспорт етилди.

Ҳәзирги ўақытта улыўма нырқы 721 миллион долларлық 40 перспективалы жойбар бойынша аймақлық админстративлик кеңеслер тәрепинен еркин экономикалық зоналар қатнасыўшысы статусын алыў ҳуқықын беретуғын тийисли ҳүжжетлерди рәсмийлестириў жумыслары алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2016-жыл 26-октябрьдеги пәрманына муўапық, еркин экономикалық зоналар ушын және де қолайлы шараятлар жаратылды. Олардың қатнасыўшылары бир қатар төлемлерден азат етилди.

«Ҳүкимет сааты»нда бул бағдарда ерисилип атырған нәтийжелер менен бир қатарда, тараўда жол қойылып атырған кемшиликлер, жүзеге келген машқалалар ҳәм шешилиўи зәрүр болған мәселелерге де итибар қаратылды. Атап айтқанда, айырым еркин экономикалық зоналарда инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў ҳәм өндирислик инфраструктура объектлерин қурыў менен байланыслы мәселелер елеге шекем жуўмақланбаған. Инженерлик-коммуникация тармақлары менен байланыслы мәселелер елеге шекем шешилмегени себепли, усы зоналарға инвесторларды тартыў жумыслары қыйын болмақта. Еркин экономикалық зоналарға бириктирилген коммерциялық банклер тәрепинен дирекцияның жумысына жәрдемлесиў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныс киргизиўде жеткиликли баслама көтерилмей атыр. Айырым ўәлаятлардағы ҳәкимшилик кеңеслери тәрепинен еркин экономикалық зоналарда жойбарлар анық есап-санақларсыз жайластырылыўы нәтийжесинде айырым жумыс түрлери ушын жасалма жеңиллик берилиўине ҳәм бул, өз гезегинде, базардағы бәсеки орталығының бузылыўына алып келмекте.

Сонлықтан, илажда депутатлар елимизде бар болған еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат, сондай-ақ, фармацевтика зоналарында жумыс алып барып атырған, экспортқа өним шығарып атырған, инновациялық, жоқары технологиялық өндирислерди шөлкемлестирген бизнес субъектлери ҳәм исбилерменлерге берилип атырған қосымша имканиятлар, жеңилликлер ҳәм преференциялардың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мәселесине министрдиң итибарын қаратты. Әсиресе, парламент ағзалары сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў ушын елимиздиң инвестициялық потенциалын жәҳән бизнес жәмийетшилигине толық көрсетиўге қаратылған, инвестиция киргизиўге умтылатуғын инвесторлар ушын аймақлар ҳәм тармақлар бойынша инвестициялық жойбарларды қәлиплестириўде бирден-бир, комплексли қатнасларды белгилейтуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтти. 1996-жыл 25-апрельде қабыл етилген, еркин экономикалық зоналардың жумысы, бул бағдардағы ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салатуғын «Еркин экономикалық зоналар ҳаққында»ғы нызамды бүгинги күн талаплары тийкарында қайта көрип шығыў, оны заманға сай және де жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, илажда Өзбекстан Республикасын Глобал бәсекиге шыдамлылық рейтингине киргизиў, елимиздиң бәсекиге шыдамлылық дәрежесин системалы түрде арттырып барыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы да ҳәр тәреплеме талланды.

«Ҳүкимет сааты»нда берилген сораў-жуўаплардан келип шығып, депутатлар тәрепинен министрликтиң жумысын заман талапларынан келип шыққан ҳалда, кескин жанландырыўға, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын буннан былай да арттырыўға қаратылған бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж жуўмағында Нызамшылық палатасының комитетлерине тараўға байланыслы әмелдеги нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў усыныс етилди. Соның менен бирге, бул бағдардағы жумыслар бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети