Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында 5-февраль күни «Өзбекстан – 2035» екинши халықаралық форумы өз жумысын баслады.

Бул форум Өзбекстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы жойбарының әҳмийетли экономикалық ҳәм сиясий бағдарларын додалаўға бағышланған болып, онда депутатлар, министрликлер менен уйымлар, илимий-билимлендириў мәкемелериниң, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, «Уллы келешек» экспертлер кеңесиниң ағзалары қатнаспақта.

Форумның дәслепки жалпы мәжилисинде Өзбекстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы концепциясы жойбарының тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.

– Стратегиялық жойбар 2020-2025-, 2030-, 2035-жылларға мөлшерленген үш басқышта әмелге асырылыўы белгиленген, – дейди «Наўайы» еркин экономикалық зонасының директоры, «Рикор» (Россия) технопаркиниң бас директоры Хабиб Абдуллаев. – Биринши басқыш стратегиялық раўажланыў мақсетлери ушын жедел инвестицияларды, яғный экономикалық раўажланыўға күшли түртки бола алатуғын инвестицияларды тартыўды өз ишине алған. Екинши басқышта елимиздиң экономикалық ҳәм технологиялық потенциалы жүзеге шығарылады. Соңғы басқышта жетик базар экономикасына өтиледи. Бул ўақытқа келип Өзбекстанды дүньядағы экономикасы раўажланған 50 жетекши мәмлекеттиң қатарына киргизиўге ерисиледи.

26.JPG

Жәҳән банки 2016-жылы жәриялаған «Doing business» рейтингинде Өзбекстан 64 текшее көтерилип, 42 орынды ийелеген еди. Бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери дүньядағы басқа да жетекши халықаралық рейтинг агентликлери тәрепинен де тән алынбақта. Мысалы, абырайлы «Fitch Ratings» ҳәм «Standart & Poor’s» рейтинг агентликлери биринши мәрте елимиздиң халықаралық суверен кредит рейтингин белгиледи. Булардың бәри Өзбекстанның экономикасы жедел пәтлер менен раўажланатуғынына гүман ететуғын скептиклердиң де пикирин өзгертип жиберди.

Жалпы сессиядан соң форум қатнасыўшылары стратегияның мәмлекетлик басқарыўды раўажландырыў, аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық санааты, банк системасы, санаат, транспорт, қурылыс ҳәм инфраструктура, туризм, денсаўлықты сақлаў ҳәм жәмийетлик сиясат, инсан капиталы, экология, илим, технология ҳәм инновациялар сыяқлы бағдарлары бойынша жумысшы топарларға бөлинип, додалаўларды сектор мәжилислеринде даўам еттирди.

17.JPG

– Ҳәзирги ўақыттта бар күш, инвестицияны инсан капиталын раўажландырыўға жумсамай раўажланыўға ерисип болмайды, -дейди «Уллы келешек» экспертлер кеңесиниң ағзасы Малика Шарипова. – Итибар бериң, Америка Қурама Штатларында 3 жастан 22 жасқа шекем болған ҳәр бир пуқараның билим алыўы ушын мәмлекет бир жылда 231 мың доллар, Қубла Корея 130 мың доллар жумсайды. Сол тәризде бул мәмлекетлерде бир жумысшы күшин қәлиплестириўге кеткен қәрежет өзин 13-17 есе ақламақта. Бизде бул көрсеткиш 19 мың долларды қурап, инвестициялар өзин тек ғана 4 есеге қапламақта.

Таллаўларға бола, дүньяда санаат раўажланыўының жаңа басқышында көплеген жумыс орынларын автоматластырыў ҳәм цифрлы технологияларға байланыслы болады. Ҳәзир, ҳәттеки, раўажланған мәмлекетлерде де жумысшылардың тек ғана 25 проценти керекли қәнигеликке ийе. Сонлықтан да раўажланған мәмлекетлер бар итибарын пуқаралардың билим алыўына, қәнигелигин турақлы түрде арттырыўға қаратпақта.

Келеси 5 жыл ишинде дүньяда барлық мийнет түрлериниң 7 проценти автоматластырылыўы болжанбақта. Бул келешекте 57 процент жумысшы-хызметкер жумыссыз қалады, дегени. 2035-жылға барып Өзбекстанда да әне усындай жағдай жүзеге келиўи мүмкин. Есап-санақларға бола 2035-жылға шекем елимизде 20,7 миллион мийнетке жарамлы адамды жумыс пенен тәмийинлеў зәрүрлиги жүзеге келеди. Буған ҳәзирден-ақ таярлық көриў ушын, бәринен бурын, физикалық шахслар, компаниялар ҳәр бир адамға сәйкес келетуғын коллектив ҳәм ақылға уғрас шешимлерди табыўы зәрүр.

7.JPG

Инсан капиталын раўажландырыў системасы адамлардың өзине исенимин арттырыў ушын өзлерин қайтадан ашыўға имкан беретуғын ҳәм күшейтетуғын платформаларды жаратыў дегени. Солай екен, системада жаңаша ойлаў, жүзеге келиўи мүмкин болған машқалаларды көре билиў инсанның қәбилетин күшейтиўге қаратылған бағдарламалар ҳәм модельлерди ислеп шығыў ҳәм жаңа идеялар талап етиледи.

Форумның экология, илим, технология ҳәм инновация мәселелерине бағышланған сектор мәжилисинде Өзбекстанның узақ мүддетли раўажланыў стратегиясы концепциясы жойбарының қоршаған орталыққа бағышланған пикир-усыныслары қызғын додаланды.

Атап өтилгениндей, елимизде жақын жылларда халықтың, экономиканың өсими ҳәм ықлым өзгериўи тийкарғы тәбийғый ресурсларға болған басымды арттырады. Соның ишинде, суў, азық-аўқат, егислик жерлерге ҳәм энергияға болған талап артып барады. Солай екен, күтилип атырған жағдайда Өзбекстан ықлым өзгериўине қалай бейимлесиўи керек?

22.JPG

«Уллы келешек» экспертлер кеңесиниң ағзасы, Кембридж университети (Уллы Британия) лабораториясының менеджери Темур Юнусовтың атап өтиўинше, ыссыхана газлериниң артыўы, орташа жыллық температураның көтерилиўи, сондай-ақ, өнимдарлы топырақларда шөллениў процесслери ҳәм басқа да ықлым өзгерислери Өзбекстанның алдына, бәринен бурын, аўыл хожалығы тараўын түп-тийкарынан өзгертиў талабын қояды.

«Өзбекстан-2035» екинши халықаралық форумының ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувоҳидов шығып сөйледи.

Малохат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы