26-январь күни республикамызда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл  22-январьдағы 41-ф-санлы бийлигине муўапық, Арал бойындағы экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жақсылаў мақсетинде билдирилген усыныслар ҳәм ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў бойынша орынлардағы жәмийетшилик ўәкиллериниң усыныслары есапқа алынып, улыўмахалықлық экологиялық қайырқомлық шембилиги өткерилди.

Шембиликке республикамыздағы барлық мәҳәлле турғынлары, мәкеме, шөлкем, кәрханалардың жумысшылары белсене қатнасты.

Шембилик қатнасыўшылары мәҳәллелер, елатлы пунктлер, көп қабатлы имаратлар ҳәм гүзар жоллардың әтирапларын тазалап, дем алыў, зыярат етиў орынларын, қойымшылықларды, жап-салмалар менен көшелерди, балалар майданшаларын тәртипке келтирип, қоршаған орталықтың экологиялық жағдайын жақсылаўға ҳәрекет етти.

Усы күни 2721,1 гектар жер майданы абаданластырылып, 2734,7 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары шығарып тасланды, 1042 километрлик жап-салмалар тазаланды, 281 қойымшылық ҳәм 42 зыярат етиў орны абаданластырылды. 97900ден аслам теректиң путақлары алынып ҳәкленди. Бул жумысларға жәми 708 техника қатнасты.

Сондай-ақ, шембилик даўамында жәмийетлик шөлкемлер, қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен халықтың социаллық жақтан қорғалыўына мүтәж қатламларына бийминнет жәрдем көрсетиў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылды. Жәми 310 хожалықтың турақ жайы оңланып, бул жумыслар ушын 13 миллион 739 мың сумнан аслам қаржы жумсалды. 1839 жәрдемге мүтәж шаңараққа ҳәм 502 майыплығы бар шахслар менен жалғыз баслы кекселерге жәми 45 миллион 176,4 мың сумлық материаллық жәрдем көрсетилди.

Орынлардағы абаданластырыў жумыслары нәтийжесинде топланған шығындылардың арнаўлы орынларға тасланыўы қадағаланып барылды.

Бийликке муўапық, улыўмахалықлық шембилик мүнәсибети менен министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде мийнет етип атырған хызметкерлердиң бир күнлик мийнет ҳақысы муғдарындағы қаржылар олардың өз басламаларына бола «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң, районлық ҳәм Нөкис қалалық бөлимлериниң банктеги есап бетлерине өткериледи.

Түскен қаржылар Арал теңизиниң суўы қурыған майданларында қорғаныў тоғайларын пайда етиў, региондағы экологиялық жағдайды ҳәм халықтың турмысын жақсылаў, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў сыяқлы мақсетлер ушын жумсалады.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

И.Матековтың түсирген сүўретлери.