Усы жыл 15-январь күни Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларының қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсларының дәслепки сабақлары басланды.

Илажды Арқа-Батыс әскерий округиниң сәркардасы Ф.Ортиқов басқарып барды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының гимни атқарылды.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы  М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсларының басланыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, өткен қысқа ўақыт ишинде Президентимиздиң басшылығында  Қураллы Күшлерде жүргизилип атырған реформалар, әскерий округлердеги структуралық өзгерислер, басқарыў системасындағы жаңаланыўлар елимиздиң Қорғаныў қудиретин арттырыўда әҳмийетли қәдемлерден бири болмақта.

Президентимиз 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Арқа-Батыс әскерий округинде әскерлер менен ушырасып, олар ушын жаратылған шараятлар менен танысқан еди. Соның менен бирге, Нөкис қаласында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша «Қәўипсиз қала» концепциясын әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында шөлкемлестирилген оқыў-әмелий курслардың тийкарғы мақсети-хызметкерлердиң руўхый-Ўатансүйиўшилик тәрбиясының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, тынышлықты  тәмийинлеў бойынша ўазыйпаларды атқарыўда Ишки ислер, Қорғаныў министрликлери ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери арасында тығыз бирге ислесиўди тәмийинлеў, халқымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеўде жеке жуўапкершилик сезимлерин қәлиплестириў болып табылады.

Ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Р.Хатамов шығып сөйлеп, қәнигелестирилген оқыў-әмелий курслары тыңлаўшылары ушын жаратылған шараятларға тоқтап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бийлиги менен ведомстволар аралық жумысшы топар дүзилип, әскерий бөлимде реконструкция ҳәм онлаў жумыслары алып барылды.  Оқыў-әмелий курслардың жумысын шөлкемлестириў ушын зәрүр болған социаллық-турмыслық шараятлар және оқыў-материаллық базасы жаратылды.

Шөлкемлестирилип атырған курсларда оқыў-тәрбия процеси еки ҳәптелик бағдарлама тийкарында әмелге асырылып, шынығыўлар инновациялық педагогикалық технологияларды қолланған ҳалда, соның ишинде, аралықтан оқытыўды шөлкемлестириў арқалы Ишки ислер, Қорғаныў министрликлери, Миллий гвардияның тәжирийбели басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылары тәрепинен алып барылады. Курслардың тыңлаўшылары күнниң биринши ярымында теориялық ҳәм әмелий оқыў шынығыўларына қатнасса, екинши ярымында Миллий гвардияның әскерий хызметкерлери менен биргеликте пуқаралар жыйынларында, адамлар көп жыйналатуғын орынларда жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша көшпели патруллик топарларда хызмет ўазыйпасын атқарады. Соның менен бирге, оқыў процеси даўамында мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерине саяхат, экскурсиялар шөлкемлестириў, сондай-ақ, дөретиўшилик аўқамлардың ўәкиллери менен ушырасыўлар, түрли таңлаўлар ҳәм спорт жарысларын өткериў режелестирилген.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қорғаў басқармасы баспасөз топарының аға инспекторы А.Хожаназаров, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейиниң оқыўшысы Д.Тәтенов шығып сөйлеп, ишки ислер уйымларының жумысларын буннан былай да жетилистириўге қаратып атырған итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

-Бул жерде хызметкерлер ушын барлық шараятлар жаратылған,-дейди  қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсының тыңлаўшысы Алламурат Хожаназаров,-Кең ҳәм жақтылы оқыў бөлмелери, руўхыйлық бөлмеси, китапхана зәрүр үскенелер, керекли әдебиятлар менен тәмийинленген. Ең баслысы, тыңлаўшылар алған теориялық билимлерин әмелият пенен байланыстырған ҳалда алып барады.

Имарат алдына тартылған лента кесилип, қатнасыўшылар оқыў-әмелий курсларының тыңлаўшылары ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Солай етип, усы күни қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсларда «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының әҳмийетли бағдарлары ҳәм мазмуны» деген темада дәслепки сабағы басланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.