Усы күнлери «Ўатансүйиўшилик айлығы» шеңберинде республикамыздың барлық мәкеме ҳәм шөлкемлери тәрепинен, орынларда руўхый-ағартыўшылық илажлары өткерилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Өткерилип атырған илажлардың тийкарғы мақсети – жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда Ўатанға садықлық сезимлерин қәлиплестириў болып есапланады.

Сондай илажлардың бири Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң басламасы менен 9-январь күни Елликқала районы «Сарабий» агро-экономикалық кәсип-өнер колледжинде өткерилди.

Илажда район ҳәкиминиң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Г.Айтбаева, районлық Қорғаныў бөлиминиң баслығы, подполковник А.Қодиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздиң Қураллы Күшлери, әскерий хызметкерлери ҳәм мүддетли әскерлерге жаратылған шараятлар, енгизилип атырған жаңалықлар туўралы мағлыўматлар берди.

Илажда Арқа-Батыс әскерий округи жанынан шөлкемлестирилген оркестрдиң атқарыўшылары, райондағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияланыўшылары, колледж оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Усындай илаж районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң шөлкемлестириўинде районлық Қорғаныў бөлими, «Кегейли турмысы» газетасының ўәкиллери қатнасында Кегейли районында да болып өтти.

Олар Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен райондағы өз өмирин Ўатанды қорғаўға бағышлаған инсанлардан хабар алды. Оларға естелик саўғалары тапсырылды.

«Қишлоққурилишбанк» АКБниң Қарақалпақстан Республикасы регионаллық филиалында «Ўатанды қорғаў – муқаддес миннет» темасында өткерилген илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов, Арқа-батыс әскерий округи батальон командириниң орынбасары Д.Исроилов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының доценти О.Юсупов ҳәм басқалар қатнасты.

Илажда темаға байланыслы баянатлар оқылып, жыйналғанларға Қураллы Күшлерде әмелге асырылып атырған реформалар сәўлелендирилген видеоролик қойып берилди.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.