Өзбекстанда энергетикалық ишимликлерди саат 7:00 ден 22:00 ге шекем реклама етиў қадаған етиледи. Бул ҳаққында «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў механизмлерин жетилистириўге бағдарланған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамда нәзерде тутылған, деп жазады «Халқ сўзи Онлайн».

Оған муўапық, буннан былай төмендегилер қадаған етиледи:

– саат 7:00 ден саат 22:00 ге шекем энергетикалық ишимликлерди телевидение ҳәм радио арқалы реклама етиў;

– реклама етиў мақсетинде энергетикалық ишимликлердиң үлгилерин он сегиз жасқа толмаған шахслар арасында бийпул тарқатыў;

– тийкарынан он сегиз жасқа толмаған шахслар ушын арналған илажларға қәўендерлик етиў, егер бунда энергетикалық ишимликлердиң атынан, товарлық белгисинен ямаса көринисинен пайдаланылатуғын болса;

– он сегиз жасқа толмаған шахслар арасында энергетикалық ишимликлердиң атамасы, товарлық белгиси ямаса көриниси түсирилген товарларды (футболкалар, бас кийимлер, ойынларды ҳәм усы сыяқлыларды) тарқатыў, соның менен бирге, сатыў;

– тийкарынан балалар ҳәм жас өспиримлер ушын арналған басылымларда, сондай-ақ, медициналық, спорт ҳәм билимлендириў мәкемелеринде энергетикалық ишимликлерди реклама етиў.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги