Бунда жасар мәрт, баҳадыр халқым бар,

Өз тарийхым, үрп-әдетим, салтым бар,

Ҳәр бир қарыс топырағында алтын бар,

Көрген емес тәрк етиўди ойлап та,

Бас ийемиз ўатанпәрўар Мойнаққа.

 

Жипек самал желпип ашар есигин,

Ана журтым, ҳәййиў айтқан бесигим,

Жүреклерде жаңлап турған қосығым,

Қумай қусың көкке қанат жаймақта,

Бахыт болып қоныў ушын Мойнаққа.

 

Даңқ таратқан Наўайылар, Бердақлар,

Ҳәр бир сөзин халқым сүйип ардақлар.

Бабалардың изин басар урпақлар,

Урқан атар еле бары дойнақта,

Берунийлер туўылады Мойнақта.

 

Бинят етип көкке шығар нәрўанды,

Келешекке баслап барар кәрўанды,

Қанат болып қомласайық Сәрўанды,

Әбиҳаят алып келген аймаққа,

Бахыт күлип қарар бүгин Мойнаққа.

 

Президентим нәзер салған жас қала,

«Әзиз халқым, сабыр етсек азғана,

Шәҳәр болар үлги етер басқаға,

Күн келеди кеўилди гүл жайнатқан,

Мәденият таралады Мойнақтан!»

 

Уллы журттың перзентимиз бәримиз,

Елдиң мәпи болсын мақсет, кәримиз.

Өзбекстан – тәнҳа Ўатан-арымыз,

Жаным пидә желбиреген байраққа,

Ўатан жыры жаңлар бүгин Мойнақта.

 

 

ПЕРДЕҒАЛИЙ ДАБЫЛОВ,

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Филология факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары, Филология илимлери бойынша философия докторы, шайыр.