Бүгинги күнде жылдам қәдемлер менен алға илгерилеп атырған елимизге дүньяның нәзери түскен.

Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылып, олардың тийкарғы мақсети, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, тыныш-татыў ҳәм абадан турмыс кешириўи және ҳуқықый мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған. 8-декабрь күни Ташкент қаласындағы саўлатлы сарайда Тийкарғы нызамымыз – Конституциямыз қабыл етилгениниң 26 жыллық байрамына бағышланған салтанатлы мәресимде Президентимиз баянат жасап, онда қысқа мүддет ишинде жәмийетимиздеги барлық тараўларда өзгерислер ҳәм әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәр тәреплеме ҳәм анық тоқтап өтти.

Президентимиз «Буннан былай да жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша барлық бағдарлар, соның ишинде, «Қәўипсиз қала», «Қәўипсиз аймақ» жойбарларында белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели ҳәм толық әмелге асырыў Ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардияның жумысында ең әҳмийетли бағдар болып қалыўы керек», деген сөзлер менен бәршемизди және де сергекликке, жуўапкерли болыўға шақырды.

Және де бул жерде ҳуқық қорғаў уйымларының жумысына баҳа берип, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылған кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде республикамыз көлеминде исленген жынаятлардың бираз азайғанын, бирақ бул тараўда еле көп жумыслар әмелге асырылыўы зәрүрлиги ҳаққында айтып өтти. Ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тек ғана ишки ислер уйымларының ҳәм Миллий гвардияның жумысы болып қалмастан, енди Қорғаныў министрлиги системасындағы хызметкерлердиң де бул тараўға тартылыўына тоқтап өтип, пүткиллей жаңа система енгизилиўи зәрүрлигин атап өтти.  Президентимиздиң усы жылдың 4-декабрь күнги 5408-санлы «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлық профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы бийлигине қол қойғаны, бунда Ишки ислер, Миллий гвардия ҳәм Қорғаныў министрлиги кең жәмийетшилик пенен биргеликте бир күш болып 24 саат даўамында тынбай хызмет етиўди шөлкемлестирип жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға тартылады. Бул болса, Қарақалпақстан тәжирийбеси болады, деп атап өтилген. Усы Бийликтиң әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде биргеликтеги «жол карта»сы ислеп шығылды. Онда ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң руўхый-ўатанпәрўарлық тәрбиясының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, елимиздиң тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў бойынша ўазыйпаларды шешиўде оларды республикалық әскерий бөлимшелер менен өз-ара биргеликте уйымластырыў, сондай-ақ, оларда жәмәәт болып, шөлкемлескенлик пенен бирге ислесиўди және жуўапкершилик сезимлерин беккемлеў системасын жетилистириў мақсетинде Арқа батыс әскерий округ базасында Қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсларын шөлкемлестириў көрсетип өтилген. ишки ислер уйымлары хызметкерлеринен дүзилген топарлар белгиленген тәртипте теориялық ҳәм әмелий шынығыўларға қатнасып, күнниң екинши ярымында «Қәўипсиз қала» концепциясы илажлары тийкарында жынаят жүз бериў қәўипи жоқары болған аймақларда жәмийетлик тәртипти сақлаў ушын тартылады. Хызметкерлер руўхый-ағартыўшылық, ҳуқықый билим көнликпелерин беккемлеў менен бир қатарда физикалық ҳәм жаўынгерлик шынығыўларға да қатнасады.

Бүгинги күнде хызметкерлерди оқытыў шынығыўларына қатнасыўы ҳәм дем алыўы ушын шараятлар жаратыўға таярлық жумыслары баслап жиберилген. Бийлик тийкарында дүзилген «жол карта»сында тек ғана жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша илажлар емес, ал  Ишки ислер, Миллий гвардия ҳәм Қорғаныў министрлиги кең жәмийетшилик, соның ишинде, «Мәҳәлле», «Нураний» қорлары, Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы хызметкерлери менен биргеликте халықты, бәринен бурын жасларды әскерий-ўатанпәрўарлық руўхында тәрбиялаў, сондай-ақ, жаслар арасында саламат турмыс тәризин ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў мақсетинде физикалық саўалландырыў ҳәм ғалаба спорт илажларын, яғный «Қала денетәрбиясы», «Қуўнақ стартлар», «Биз спорт сүйетуғын шаңарақпыз», «саламатлық күни», шаңарақлық эстафеталар, ҳәр қыйлы аралықларға ҳәўескер жуўырыў, ғалаба спорт фестивальлары, спартакиадалар, спорт туризми бойынша жарыслар өткериўге келисип алынды. Усы жерде жәмлеспеген жаслар, меҳрибанлық үйлериниң тәрбияланыўшыларын, тыныш емес шаңарақлардың, профилактика есабында туратуғын шахсларды саламат турмыс тәризине қайтарыў бойынша анық мақсетли комплексли илажларға айрықша әҳмийет қаратылғанын атап өтиў керек.

Жуўмақлап айтқанда, Ишки ислер, Миллий гвардия ҳәм Қорғаныў министрлиги ҳәм кең жәмийетшилик пенен биргеликте енгизилип атырған бул система, Ҳүрметли Президентимиздиң атап өткениндей, Қарақалпақстан тәжирийбеси болып усы үлкеде жасап атырған инсанлардың тыныш-татыў, пәраўан турмыс кешириўи, жынаяттан аўлақ аймаққа айланыўы, ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары менен еркинликлери жоқары дәрежеде қорғалатуғын үлгили аймақ болыўы ушын хызмет етип келешекте республикамыздың басқа аймақларына да енгизилиўине себеп болады.

 

Шукурлло АЮБОВ,

Қарақалпақстан Республикасы

 Ишки ислер министриниң орынбасары,

полковник 

 

 Қарақалпақстан  хабар агентлиги