Makan.uz сайтының исенимли дәреклерге тийкарланып хабар бериўинше, Қанлыкөл районының бурынғы ҳәкими Мэлс Қосназаров 2018-жыл 21-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы прокуроры лаўазымына тайынланған.

Еслетип өтемиз, Мэлс Қосназаров 2016-жылдың октябрь айынан 2018-жылдың 30-сентябрине шекем Қанлыкөл районы ҳәкими болып ислеген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги