Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине 2019-жыл ушын бюджеттен 17 триллион сум ажыратылған. Бул ҳаққында Халық билимлендириў министри Шерзод Шерматов мәлим етти, деп жазады Kun.uz.

Хабарда жазылыўынша, министрликке ажыратылған бюджеттиң 90 проценти муғаллимлердиң мийнет ҳақылары ушын сарпланады.

17-июль күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында билимлендириў системасы басшылары қатнасыўында өткерилген жыйналыста халық билимлендириў системасында оқыў-тәрбиялық ҳәм басқарыў процесинде 450 мыңнан аслам хызметкер жумыс ислеп атырғаны ҳаққында мағлыўмат берилген еди.

Июль айы ҳалаты бойынша олардың орташа мийнет ҳақысы 1 миллион 230 мың сум болған (бул олар ушын ҳәр айда 553 миллиард 500 миллион сум мийнет ҳақы төленетуғынлығын аңлатады).

Егер мәмлекет муғаллимлердиң орташа мийнет ҳақысын 1 миллион 800 мың сумға шекем көтерсе, онда ҳәр айда муғаллимлердиң мийнет ҳақысы ушын 810 миллиард сумға шамалас қаржы сарпланады.

Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов июнь айында муғаллимлердиң мийнет ҳақысы әлбетте көбейтилетуғынлығын билдирген еди. Июль айында болса Халық билимлендириў министри Шерзод Шерматов орайласқан қаржыларды реал сектордың орнына билимлендириўге инвестициялаў, муғаллимлердиң мийнет ҳақысын бир неше процент емес, бир неше есе көбейтиў зәрүрлигин атап өтип, Қаржы министрлигине мүрәжат еткен еди.

Мағлыўмат ушын, 2019-жыл 1-январьдан баслап улыўма билим бериў мәкемелери муғаллимлериниң тәжирийбе категориясынан келип шыға отырып жоқары категориялы муғаллимлер ушын мийнет ҳақы 25 процентке, қәниге категориялы муғаллимлер ушын 10 процентке көбейтилиўи белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги